Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 9-ноябрь күни «Орайлық Азия: бирден-бир тарийх ҳәм улыўма келешек, турақлы раўажланыў жолындағы бирге ислесиў» темасындағы халықаралық конференцияда қатнасыў ушын елимизге келген абыройлы делегацияға басшылық етип атырған АҚШ Президенти кеңесгөйиниң орынбасары, Миллий қәўипсизлик кеңесиниң Қубла ҳәм Орайлық Азия бойынша үлкен директоры Лиза Кёртисти қабыл етти.
Мәмлекетимиз басшысы мийманды шын жүректен қутлықлап, ҳәзирги ўақытта Өзбекистан-Америка сөйлесиўи әмелий бирге ислесиў руўхында турақлы раўажланып атырғанын атап өтти. Сентябрь айында Өзбекистан делегациясының АҚШ қа сапар етиўи ҳәм АҚШ Президенти Дональд Трамп ҳәм Америка бизнес топарларының ўәкиллери менен болып өткен ушырасыўлардың жуўмақлары тәреплердиң өз-ара бирге ислесиўди, бәринен бурын, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық салалардағы байланысларды әмелий жақтан кеңейтиў ҳәм беккемлеў бойынша умтылыслары қатаң екенин көрсетти.
Атап өтилгениндей, бир қатар әҳмийетли халықаралық машқалалардың шешими, глобаллық қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў мәселелерине көз-қараслардың сәйкес және бирдей екени усы әҳмийетли бағдардағы өз-ара бирге ислесиўди сезилерли түрде беккемлеў имканиятын бермекте.
Ушырасыўда қәўипсизликти ҳәм турақлылықты тәмийинлеў мақсетинде Аўғанстан ҳәм пүткил региондағы жағдай бойынша пикир алысылды.
Тәреплер Орайлық Азия тең ҳуқықлы ҳәм өз-ара бирге ислесиў аймағы болып қалыўынан мәпдар екенин атап өтти. Усы мәнисте, Өзбекистан басшылығының жақсы қоңсышылық байланысларды кеңейтиў ҳәм регион еллери арасында өз-ара исенимди беккемлеўге қаратылған басламалары менен әмелий қәдемлери үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтти.
Лиза Кёртис АҚШ басшылығы Өзбекистанның регионаллық қәўипсизликти ҳәм турақлылықты беккемлеўде ийелеген орнын жоқары қәдирлейтуғынын атап өтти. Америка Қурама Штатлары Өзбекистан менен узақ перспективаға мөлшерленген қатнасықларды жаңа басқышқа көтериўден мәпдар екенин атап өтти.
ӨзА