Быйыл республикамыздағы жетистирилген ғәлле өнимин орып-жыйнап алыўға, жәми 190 дән орыў комбайнлары тартылыўы режелестирилген. Сондай-ақ, ғәлле орым-жыйымы мәўсимин системалы түрде алып барыў мақсетинде 190 отряд шөлкемлестирилип, усы отрядларға 584 жүк тасыўшы машина, 732 транспортлық трактор, 1020 трактор тиркемеси, 190 жанар май тасыйтуғын қурылма, сондай-ақ, ҳәр бир отрядқа көшпели оңлаў устаханалары менен 1181 жуўапкер хызметкер бекитилген.
Ҳәзирги ўақытта мапаз басланыўы алдынан орынларда арнаўлы семинарлар ҳәм ушырасыўлар шөлкемлестирилмекте.
Бүгин Хожели районындағы «Саманкөл» АПЖ аймағындағы «Шүкириллаева Толғанай» фермер хожалығында ғәлле орым-жыйымына бағышланған семинар болып өтти. Оған тийисли тараў қәнигелери ҳәм фермерлер қатнасты.
Семинарда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары С.Хожаметов ҳәм тараў қәнигелери шығып сөйлеп, елимизде фермер хожалықларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың жумыс алып барыўында қолайлы шараятлар жаратыў бағдарында нәтийжели жумыслар әмелге асырылып атырғанын атап өтти.
Быйылғы ғәлле орым-жыйымы мапазында ғәллекешлеримиздиң алдында турған ўазыйпаларға кеңнен тоқтап өтип, әмелге асырылыўы лазым болған мәселелер туўралы түсиник берилди.
Быйыл Хожели районының ғәллекешлери райондағы 2400 гектарлық майданға егилген гүзлик бийдайды 9 отрядқа бекитилген 9 комбайнда орып алыўы режелестирилмекте.
Қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.