2018-жылдың жуўмақлары бойынша «Ташаббус-2019» таңлаўын өткериў бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усы жыл 14-апрельдеги ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 19-апрельдеги бийлигине муўапық таңлаўдың республикалық басқышы өткерилди.

И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи алдында усы басқышқа қатнасыўшылардың өнимлериниң көргизбеси шөлкемлестирилди.

Көргизбени Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев ашып, өз сөзинде республикамызда киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыў бағдарындағы реформалар басқышпа-басқыш әмелге асырылып, оның раўажланыўы нәтийжесинде барлық аймақларда экономикалық раўажланыўлар көзге тасланып атырғанлығын, сондай-ақ, усы таңлаў қатнасыўшыларының, исбилерменлик пенен шуғылланыўшы жаслардың ҳәм ҳаял-қызлардың санының жылдан-жылға артып баратырғанлығын атап өтти.

Өзбекстан Республикасы «Өнермент» бирлеспесиниң баслығы У.Абдуллаев, Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы А.Ибрагимов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Өзбекстан Республикасы Президенти саўғалары ушын өткерилетуғын усы таңлаў мәмлекетимиз экономикасында болып атырған унамлы өзгерислерди көрсететуғын тийкарғы ўақыя екенлигин, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти қоллап-қуўатлаўда, оларды хошаметлеўде үлкен әҳмийетке ийе екенлигин айрықша атап өтти.

Қарақалпақстанда киши бизнестиң мәмлекеттиң жалпы ишки өним ислеп шығарыўдағы үлеси 2018-жылдың жуўмағында 54,3 процентти, санаатта өндиристиң 18,7 процентин, хызметлер көрсетиўде 55,7 процентин қурады.

Таңлаў-жарысын өткериўден тийкарғы мақсет – аймақларда киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликтиң жедел раўажланыўын хошаметлейтуғын бизнес орталығын қәлиплестириў, мәмлекет экономикасында жеке сектордың үлесин ҳәм әҳмийетин арттырыў, исбилерменлердиң кәсиплик шеберлигин ҳәм билим дәрежесин жоқарылатыў ушын зәрүр шараятлар жаратыў, исбилерменлик жумысындағы алдыңғы тәжирийбелерди ғалаба ен жайдырыў, олардың арасында хожалық байланысларын кеңейтиў ҳәм ислеп шығарып атырған өнимлерин дағазалаўға, исбилерменлик жумысында корпоративлик басқарыў принциплерин енгизиўге жәрдемлесиў болып есапланады.

Быйылғы таңлаў тийкарынан «Cанаат тараўындағы ең жақсы исбилермен», «Хызмет көрсетиў тараўындағы ең жақсы исбилермен», «Ең жақсы жас исбилермен», «Ең жақсы фермер», «Ең жақсы өнермент» бағдарлары бойынша  өткерилмекте.

Илажда оған қатнасыўшылардың ислеп шығарған өнимлери көргизбелери менен бирге азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы өнимлериниң саўда ярмаркалары шөлкемлестирилди.

Таңлаўдың республикалық басқышында «Санаат тараўындағы ең жақсы исбилермен» бағдары бойынша Тақыятас районындағы «Атияж Гүлзар» ЖШЖ баслығы Азат Мустафаев, «Хызмет көрсетиў тараўындағы ең жақсы исбилермен» бағдары бойынша Нөкис қаласындағы «Нукус Зияда Нур» оқыў орайының директоры Зияда Утеназарова, «Ең жақсы фермер» бағдары бойынша Төрткүл районындағы «Азизхон-Шайимардон» фермер хожалығының баслығы Байрамдурди Сатликов, «Ең жақсы жас исбилермен» бағдары бойынша Нөкис қаласындағы «Нөкис лак бояўлары» ЖШЖ баслығы Асқар Артықов, «Ең жақсы өнермент» бағдары бойынша Шоманай районынан жеке исбилермен Разалия Матирзаевалар биринши орынды ийеледи.  Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланып, таңлаўдың Өзбекстан Республикалық басқышына жоллама алды.

Таңлаўда көркем өнер шеберлери ҳәм жас атқарыўшылардың концерт бағдарламасы қойып берилди.

Еслетип өтемиз,  жеңимпазлар усы жылдың 20-21-июнь күнлери Ташкент қаласында болып өтетуғын финаль басқышына қатнасады.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.