Пайтахтымыздағы «Жаслар орайы»нда «5-июнь – Пүткил дүнья жүзилик қоршаған орталықты қорғаў күни», сондай-ақ, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң 30 жыллығы мүнәсибети менен илимий-әмелий конференция болып өтти.
Конференцияны Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң баслығы Т.Хожаназаров алып барды.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының биринши орынбасары Ж.Казбеков, Арал тәбиятты қорғаў прокурорының орынбасары А.Ниязымбетов, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халықаралық инновациялық орайының баслығы Н.Мырзамуратов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, тараўда әмелге асырылып атырған реформалар, жетискенликлер туўралы мағлыўматлар берип, ушырасып атырған машқалалар ҳәм оның шешиў жоллары бойынша пикир-усыныслар билдирди.
Атап өтилгениндей, кейинги жылларда елимизде жүз берип атырған экологиялық жағдайларды жумсартыў, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбийғый ресурслардан үнемли пайдаланыў, экология саласында мәмлекетлик басқарыў системасын жетилистириў бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Министрлер Кабинети тәрепинен жаңадан бир қатар пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилди.
Усы қарарлар тийкарында бир қатар илажлар белгиленип, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетинде структуралық өзгерислер әмелге асырылды. Комитет жанынан шөлкемлестирилген «Тоза ҳудуд» МУКның районлардағы филиаллары 134 дана жаңа арнаўлы техникалар менен тәмийинленди. 2019-2021-жыллар аралығында және 57 дана техника алыў, ҳәрекет етип турған ҳәм жаңадан қурылыўы белгиленген шығынды жыйнаў орынларын 688 дана контейнерлер менен тәмийинлеў режелестирилмекте.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң усынысына муўапық, Министрлер Кеңеси Баслығының ҳәм Мойнақ, Қоңырат, Қараөзек, Кегейли, Тахтакөпир районлары ҳәкимлериниң экология ҳәм Аралбойы аймағын раўажландырыў мәселелери бойынша биринши орынбасарлары лаўазымлары енгизилди.
Сондай-ақ, Тоғай хожалығы комитети ҳәм экология саласында арнаўлы ўәкилликке ийе болған уйымлар менен биргеликте Арал теңизиниң суўдан қурыған ултанында «Жасыл қапламалар» қорғаў тоғайларын шөлкемлестириў илажлары әмелге асырылмақта. 2019-2021-жылларда жәми 500 мың гектар, 2020-жылда 160 мың гектар, 2021-жылда 240 мың гектар майданда дузға шыдамлы ҳәм тез өсетуғын сексеўил өсимликлерин туқымынан ҳәм нәлден егиў режелестирилди ҳәм егилетуғын аймақлардың схемасы ислеп шығылды. Бүгинги күнде кең жәмийетшиликтиң қатнасында сексеўил туқымын жыйнаў ҳәм егилетуғын жерлерди тегислеп қарық жарыў илажлары даўам етпекте.
«Қорғалатуғын тәбийғый аймақлар саласында мәмлекетлик басқарыў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары менен тастыйықланған «Жол картасы» на муўапық, 2019-2022-жылларда Қарақалпақстан Республикасында улыўма майданы 3,0 млн. га болған бес қорғалатуғын тәбийғый аймақларды шөлкемлестириў, соннан «Түслик Үстирт», «Белтаў», «Ақбеткей», «Ақдәрья-Қазақдәрья» еки дәрья аралығы, «Судочье системасы көллери»н шөлкемлестириў бойынша усыныслар таярланды ҳәм Президентимиз тәрепинен мақулланды.
Экология саласында нызам талапларының бузылыўына жол қойғаны ушын 838 пуқараға 245,0 миллион сум ҳәм жанлы тәбиятқа келтирген зыянды қаплаў ушын 176 пуқараға 144,6 миллион сум ҳәкимшилик шаралары көрилди.
Қарақалпақстан Республикасы қәнигелестирилген көркем өнер мектебиниң оқыўшыларының тәбият ҳәм оны қорғаў темалары бойынша салған сүўретлериниң көргизбеси шөлкемлестирилди.
Илажда усы тараўда әмелге асырылып атырған жумысларда белсендилик көрсетип киятырған бир қатар хызметкерлер ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң «Ҳүрмет жарлықлары» ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.