Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 4-июнь күни Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоған менен телефон арқалы сөйлести.

Сөйлесиў басында Президентлер қутлы Рамазан ҳайыты мүнәсибети менен бирин-бири ҳәм қәдирдан халықларымызды қызғын қутлықлап, жақсы тилеклерин билдирди.

Мәмлекет басшылары мәмлекетлеримиз арасында дослық, өз-ара исеним ҳәм стратегиялық шериклик руўхындағы байланыслар барлық тараўларда, соның ишинде, сиясий, саўда-экономикалық ҳәм  инвестициялық бирге ислесиў бағдарларында жедел раўажланып атырғанын айрықша атап өтти.

Усы жылдың дәслепки төрт айында өз-ара саўда айланысының көлеми 30 процентке өскени, қоспа кәрханалардың саны кейинги бир ярым жыл даўамында 2 есеге көбейгени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Буннан тысқары, жетекши түрк компаниялары менен бир қатар ири санаат ҳәм инфраструктуралық жойбарлар бойынша биргеликте жедел жумыслар алып барылмақта. Мәдений-гуманитарлық алмасыў кеңеймекте, денсаўлықты сақлаў ҳәм билимлендириў тараўында қоспа бағдарламалар әмелге асырылмақта.

Сөйлесиў даўамында Өзбекстан ҳәм Түркия Президентлери басшылығында Жоқары дәрежедеги өзбек-түрк стратегиялық бирге ислесиў кеңесиниң дәслепки мәжилисине пуқта таярлық көриў зәрүрлиги атап өтилди.

Усы мақсетте тәреплер жақын келешекте сыртқы ислер министрлери басшылығында топарлардың ушырасыўын және Ҳүкиметлераралық қоспа комиссияның гезектеги мәжилисин өткериўге келисип алды.

Дослық ҳәм шын жүректен болып өткен сөйлесиў даўамында халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийеттеги басқа да актуал мәселелер де додаланды.

ӨзА