Усы жылдың 31-май 2-июнь күнлери аралығында Ташкент қаласында «Union X» халықаралық Онлар аўқамының жаслар конференциясы болып өтти.

Халықаралық Онлар аўқамы 9 халықаралық шөлкемниң ҳәм Өзбекстан Республикасы парламентиниң симуляциясы болып есапланады.

Конференция жер жүзиндеги социаллық-экономикалық ҳәм басқа да машқалалар менен гүресетуғын халықаралық улыўма тән алынған шөлкемлердиң моделин жаслар тәрепинен талланатуғын халықаралық әнжуман.

18-30 жас аралығында өткерилген халықаралық конференцияда жәми 450 делегат қатарында Ташкент мәлимлеме технологиялары университети Нөкис филиалының студенти Ниетулла Абдуллаев та белсене қатнасты.

– Үш күн даўам еткен конференция сессияларында мен Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы менен байланыслы мәселелер бойынша моделлестириў жойбарына қатнасып, өз пикир-усынысларымды билдирдим, -дейди, Н.Абдуллаев.

Инглис, рус ҳәм өзбек тиллеринде алып барылған «Union X» халықаралық жаслар конференциясы жуўмағында қатнасыўшыларға 14 кодлы Онлар аўқамының лицензияланған ҳәм патентленген халықаралық Union X сертификаты тапсырылды.

Конференция қатнасыўшылары ушын Ташкент қаласы бойлап саяхат шөлкемлестирилди.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.