Елимизде әмелий сапар менен болып турған Европа кеңеси Президенти Дональд Туск БМШ қәўендерлигиндеги Арал регионы ушын инсан қәўипсизлиги бойынша көп шериклик траст фондының Арал теңизиниң қурыўына байланыслы машқалаларды сапластырыўға бағышланған презентация менен танысты.
Президентимиз Шавкат Мирзиёев БМШ Бас Ассамблеясының ўғ-сессиясында шығып сөйлеген сөзинде Арал машқаласы тек Өзбекстан ушын ғана емес, ал пүткил регион ушын үлкен қәўип туўдырып атырғанын атап өткен еди. 2018-жыл 27-ноябрь күни болса БМШ Бас резиденциясында Аралбойы регионы ушын инсан қәўипсизлиги бойынша көп шериклик траст фондының презентациясына бағышланған жоқары дәрежедеги әнжуман болып өткен еди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 8-январьда қабыл етилген Бирлескен Миллетлер Шөлкеми қәўендерлигиндеги Аралбойы регионы ушын инсан қәўипсизлиги бойынша көп шериклик траст фондының жумысын қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққындағы қарары тийкарында фондтың нәтийжели ислеўи ушын институтционаллық, ҳуқықый ҳәм финанслық орталық жаратыў бойынша әмелий илажлар белгиленди.
Фонд Аралбойы регионында экологиялық ҳәм социаллық-экономикалық жағдайды жақсылаў бойынша комплексли илажларды әмелге асырыў шеңберинде халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм донорлардың қаржыларын мобилизациялаў, турақлы раўажланыўдың глобаллық мақсетлерге ерисиў бойынша бирге ислесиўдеги биргеликтеги ис-ҳәрекетлерди раўажландырыў ушын бирден-бир майдан болып хызмет етеди.
Өзбекстанның басламасы менен Арал машқалаларын сапластырыў жолында әҳмийетли қәдемлер қойылмақта. Усы жылдың 22-март күни Женева (Швейцария) қаласында БМШ Европа Экономикалық Комиссиясының турақлы раўажланыў бойынша регионаллық форумы шеңберинде «Инсанлар ушын бирге ислесиў: Аралбойы регионы ушын Инсан қәўипсизлиги бойынша көп шериклик фонды» темасында әнжуман өткерилди.
Әнжуман шеңберинде Аралбойы регионы ушын инсан қәўипсизлиги бойынша көп шериклик фондының мақсет ҳәм ўазыйпаларына бағышланған презентация өткерилди, бирге ислесиў шеңберин кеңейтиў ҳәм раўажландырыў мәселелери додаланды.
Усы жылдың 1-апрель күни Норвегия ҳүкимети ҳәм усы фонд арасында шәртнамаға қол қойылды ҳәм Норвегия фондқа қаржы киргизген биринши сыртқы донор сыпатында дизимге алынды.
Презентацияда атап өтилгениндей, усы күнлерде Европа Аўқамынан тысқары, Япония, Түркия, Бирлескен Араб Әмирликлери ҳәм бир қатар мәмлекетлер тәрепинен фондта қатнасыўға қызығыўшылық билдирмекте.
– Европа Аўқамы БМШ жанында шөлкемлестирилген траст фондқа 5 миллион евро муғдарында қаржы ажыратыўға қарар етти, – дейди Европа Кеңеси Президентиниң кеңесгөйи Франсуа Бежо. – Фонд ўәкиллериниң бүгинги презентациясы бизлерде үлкен тәсир қалдырды. Биз бирге ислесиўди избе-из раўажландырыў тәрепдарымыз. Арал апатшылығы оғада әҳмийетли машқала. Теңиз шегинген болыўы мүмкин, бирақ адамлар ҳеш қайда кеткен жоқ, олар усы жерде жасаўды даўам етпекте. Демек, инсанларға жәрдем бериў, оларды қоллап-қуўатлаў бойынша ҳәрекетлеримиз усыған қаратылады.
Ғайрат ХОННАЗАРОВ,
ӨзАның хабаршысы