Қараөзек районлық мәденият бөлиминде жақында шөлкемлестирилген халық ойынлары дөгереги ағзалары арасында «Миллий халық ойынлары ҳәм спорт түрлери – мәнаўиятымыз тийкары» сүрени астында фестиваль шөлкемлестирилди.

Фестивальдың ашылыўына район ҳәкиминиң орынбасары А.Джуманиязов, районлық денетәрбия ҳәм спорт бөлими баслығы А.Палўаниязов, халық билимлендириў бөлими баслығы орынбасары Қ.Разбеков, дөгерек ағзалары, миллий спорт түрлери бойынша спортшылар, ата-аналар, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм тамашагөйлер қатнасты.

– Миллийлигимиздиң бир көриниси саналған халық ойынлары бүгинги күнде балалар арасында дерлик ғалаба ен жаймаған. Олардың ғалабалығына ерисиў мақсетинде мәденият бөлиминиң халық ойынлары дөгереги тәрепинен районда бир қатар илажлар шөлкемлестирилип, байрам сейиллеринде өз көргизбелеримиз бенен қатнасып келемиз. Ойынларды жаслар санасына сиңдириўде жасы үлкенлер менен пикир алысып, қолланбалардан пайдаланып келемиз. Дөгерегимиз қатнасыўшылары бир қатар халық ойынларын үйренип, фестивальларға асық, шүллик, бекташ, қашарман топ, көз байламақ, маңлай шертпек, пышық-тышқан, әўелемен-дүўелемен сыяқлы оннан аслам ойынларымызды алып шығып көрсетти. Мақсетимиз жаслар арасында халық ойынларын ен жайдырыў ҳәм бос ўақытларында биргеликте ойнаўына, келешек әўладларға сап ҳалында жеткерилиўине ерисиў болып табылады. Усы бағдарда спорттың өзбек жаўынгерлик өнери федерациясы тәрепинен районда әмелге асырылып атырған жойбар ҳәм «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы белсендилери менен бирге ислесиўимиз өз нәтийжесин берип келмекте, – дейди дөгерек баслығы Г.Қәлимбетова.

Фестиваль шеңберинде миллий спорт түрлеринен белбеўли гүрес, гүрес ҳәм өзбек жаўынгерлик өнеринен көргизбели шығыўлар, миллий халық ойынлары ойнап көрсетилди.

Шөлкемлестириўшилер тәрепинен мастер-класс, тәжирийбе сабақлары өткерилип, барлық қатнасыўшылар мақтаў жарлықлары менен хошаметленди. Фестиваль жуўмағында концерт бағдарламасы қойылып, жаслардың заўықлы кешесине уласып кетти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги