Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 1-июнь күни Ташкент ўәлаятының Ангрен қаласына барды.

 Мәмлекетимиз басшысының алдынғы сапар етиўи ўақтында белгилеп берилген ўазыйпалар тийкарында Ангренде үлкен қурылыс жумыслары әмелге асырылды. «Өзбекстан темир жоллары» акционерлик жәмийети тәрепинен Ангрен темир жол вокзалы қурылды.

Ангрен транспорт коммуникациялары жағынан әҳмийетли стратегиялық аймақ. Ташкентти Ферғана алабы менен байланыстыратуғын темир жол қурылғаннан кейин оның әҳмийети және де артты. Бирақ вокзалдың жоқлығы себепли жолаўшылар узақ станцияларға барыўға мәжбүр болатуғын еди. Жаңа вокзал қала халқы ҳәм туристлер ушын үлкен қолайлық жаратады.

Вокзалда бир ўақыттың өзинде 100 жолаўшыға хызмет көрсетиў имканияты бар. Күтиў залы, ана ҳәм бала бөлмеси, медициналық пункт, аўқатланыў ҳәм саўда шақапшаларында барлық шараят жаратылған.

475573b7-328f-fa20-5d01-30c06198953c.jpg

Президентимиз вокзалда жолаўшы ҳәм хызметкерлер ушын жаратылған қолайлықларды көзден өткерди.

a9e60221-8549-714e-2630-c2ba37e5baa4.jpg

Усы жерде Ташкент ўәлаятында туризм, энергетика, химия, металлургия тараўларындағы перспективалы жойбарларды таныстырыў болып өтти.

8d0d12c1-cd91-1690-33c1-9cbde760d4ca.jpg

Президентимиз «Чорвоқ» еркин туристлик зонасында халықаралық дем алыў орынлары, Бельдирсой, Чимган ҳәм Нанай аймақларында Франция компанияларының консорциумы қатнасыўында таў-шаңғы курортын қурыў жойбарларына айрықша әҳмийет қаратты.

91271d62-9b00-f66e-409d-f4760b42405f.jpg

266980e5-a28c-79ae-925f-9ddfd6a3027b.jpg

5fe0465e-ae6d-e124-95c8-db7a642c4baa.jpg

d8673ba2-4e68-ad9c-9b0f-aa1db8b8d3dc.jpg

b319a641-e792-0254-5ade-e2ec16fe966c.jpg

4998c7da-fac1-098d-c151-7e0c03a23505.jpg

ӨзА