Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 31-май күни Грузия, Америка Қурама Штатлары ҳәм Корея Республикасының мәмлекетимиздеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшилери етип тайынланған Зураб Абдушелишвили, Дэниел Розенблюм ҳәм Кан Чжэ Квоннан исеним жарлықларын қабыл етти.

Мәмлекетимиз басшысы елшилерди дипломатиялық миссияны баслағаны менен қызғын қутлықлап, оларға бул ҳүрметли ҳәм жуўапкершиликли ўазыйпада табыслар тиледи.

fbd22d29-8659-498d-e52b-a01b0031fd04.jpg

Кейинги жылларда мәмлекетимиз сырт елдеги шериклер менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиўге қаратылған жедел сыртқы сиясат алып барып атырғаны айрықша атап өтилди.

Орайлық Азия ҳәм ҒМДА мәмлекетлери, Америка, Евразия ҳәм Африканың жетекши мәмлекетлери менен қатнасықлар беккемленип, әмелий бирге ислесиў барған сайын жеделлесип атырғаны буннан дәрек береди.

Буннан тысқары, «жол карталары» тийкарында абырайлы халықаралық шөлкемлер ҳәм регионаллық структуралар менен узақ мүддетли шериклик байланыслары кеңеймекте.

Президентимиз өзиниң шығып сөйлеген сөзинде жаңа елшилер ўәкиллик етип атырған мәмлекетлер менен көп қырлы бирге ислесиўдиң перспективаларына тоқтап өтти.

Өзбекстан менен Грузия арасындағы, бәринен бурын, сиясий, саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы қатнасықлар раўажланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Кейинги жылларда парламентлераралық байланыслар да жеделлести.

Грузия менен товар алмасыўды көбейтиў, санаат, транспорт, логистика ҳәм туризм тараўларында кооперацияны күшейтиўге қаратылған анық жойбарларды алға қойыў зәрүрлиги атап өтилди.

6ffeee5f-1a00-b4ba-5984-1b4d389d9b1c.jpg

Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан ҳәм Америка Қурама Штатларының дослық ҳәм көп қырлы бирге ислесиў руўхындағы еки тәреплеме қатнасықларында жоқары дәрежеге ерисилгенин қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Өткен жыл май айында АҚШқа әмелге асырылған жоқары дәрежедеги тарийхый сапар етиў мәмлекетлеримиздиң стратегиялық шериклик байланысларында жаңа басқышты баслап берди.

86596e88-fcc8-641a-8652-53dd8e9d8488.jpg

Бүгин барлық дәрежедеги сөйлесиўлер ҳәм алмасыўлар жеделлескени бақланбақта. АҚШ саўда министри Уилбур Росс, конгрессменлер Трент Келли ҳәм Висенте Гонсалес, Миссисипи штаты губернаторы Филипп Брайант ҳәм басқалар басшылығындағы жоқары дәрежедеги делегациялардың мәмлекетимизге сапары нәтийжели болды.

Американың жетекши компаниялары ҳәм банклери менен өз-ара пайдалы бирге ислесиў кеңеймекте, мәдений-гуманитарлық байланыслар беккемленбекте, пуқаралық жәмийетин раўажландырыў ҳәм инсан ҳуқықларын тәмийинлеў тараўында, сондай-ақ, халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша конструктивлик сөйлесиў әмелге асырылмақта.

Мәмлекетимиз басшысы Корея Республикасы менен қатнасықлар айрықша стратегиялық шериклик басқышына көтерилгенин терең қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

aee68c0c-bce7-093e-2ec4-b89084f9d24f.jpg

Қубла Корея Президенти Мун Чжэ Инниң өткен айда Өзбекстанға мәмлекетлик сапары еки тәреплеме қатнасықларды буннан былай да жоқары басқышқа алып шығып, оларды жаңа әмелий мазмун менен байытты.

Мәмлекетимиз Корея Республикасы басшысының Корея ярым атаўында тынышлықты ҳәм турақлылықты беккемлеў бойынша избе-из сиясатын қатаң қоллап-қуўатлап атырғаны атап өтилди.

Ерисилген келисимлерди әмелге асырыў, инновациялар ҳәм инвестициялар, транспорт ҳәм коммуникациялар, инфраструктураны модернизациялаў, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, мәденият ҳәм басқа да бағдарларда қоспа бағдарлама ҳәм жойбарларды өз ўақтында таярлаў ҳәм сапалы әмелге асырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Президентимиз жаңадан тайынланған жедел дипломатиялық жумысы менен мәмлекетлеримиз арасындағы дослық қатнасықлар, шериклик ҳәм көп қырлы бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеўге мүнәсип үлес қосатуғынына исеним билдирди.

Өз гезегинде, Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшилер мәмлекетимиз  басшысына шын жүректен  қабыллағаны   ушын және бир мәрте миннетдаршылық билдирип, мәмлекетлеримиздиң ҳәм халықларымыздың абаданлығы жолында нәтийжели мәмлекетлераралық қатнасықларды избе-из раўажландырыўға бар күш-жигерин жумсайтуғынын атап өтти.

ӨзА