Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 23-май күни Қазақстан Республикасының Биринши Президенти – Елбасы Нурсултан Назарбаев пенен телефон арқалы сөйлести.

Сөйлесиўден алдын мәмлекетимиз басшысы Нурсултан Назарбаевқа Өзбекстан менен Қазақстан арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм көп қырлы бирге ислесиў қатнасықларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлап атырғаны ҳәм оларды раўажландырыў ҳәм беккемлеўге қосып атырған жеке үлеси ушын шын кеўилден миннетдаршылық билдирди.

Биргеликтеги ҳәрекетлер себепли соңғы жылларда мәмлекетлеримиз арасындағы дәстүрий жақын қатнасықлар сапа жағынан жаңа дәрежеге көтерилгени, анық әмелий мазмун менен байығаны айрықша атап өтилди.

Усы жылы апрель айында Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевтың Өзбекстанға әмелге асырған дәслепки мәмлекетлик сапары нәтийжели болғаны, бул Елбасының сыртқы сиясатының даўамлы екенлиги және бир мәрте көрингени үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Сөйлесиўде Шавкат Мирзиёев ҳәм Нурсултан Назарбаев еки тәреплеме қатнасықларға байланыслы, сондай-ақ, халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелерди додалады.

Тийкарғы итибар саўда-экономикалық тараўда ерисилген келисимлерди әмелге асырыў, санаат, энергетика, транспорт ҳәм басқа да тармақларда жетекши кәрханалар ҳәм исбилерменлер дәрежесинде кооперацияны күшейтиўге қаратылды.

Өз-ара саўда көлеми избе-из артып баратырғаны ҳәм оның қурамы диверсификацияланып атырғаны унамлы баҳаланды. 2018-жылы товар алмасыў көлеми 3 миллиард доллардан артты, жақын ўақытта бул көрсеткишти кеминде 5 миллиард долларға жеткериў ўазыйпасы турыпты.

Кең көлемли экономикалық имканиятлар ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўдағы үлкен потенциалдан нәтийжели пайдаланыў мақсетинде, соның ишинде, Өзбекстанда Қазақстан жылы илажларының шеңберинде избе-из аймақлараралық байланысларды даўам еттириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Мәмлекетлеримиз Бас министрлери басшылығындағы Еки тәреплеме бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлераралық қоспа комиссия өз-ара қатнасықларды раўажландырыўда әҳмийетли орын ийелеп атырғаны айрықша атап өтилди.

Сөйлесиў соңында Шавкат Мирзиёев ҳәм Нурсултан Назарбаев Өзбекстан ҳәм Қазақстанның туўысқан халықлары абаданлығы, Орайлық Азияның турақлылығы ҳәм избе-из раўажланыў жолында стратегиялық шериклик және өз-ара пайдалы бирге ислесиўди ҳәр тәреплеме беккемлеўге умтылыслары бирдей екенин және бир мәрте атап өтти.

 

ӨзА