Қазақстан Республикасының Президент сайлаўы 2019-жыл 9-июнь күни болып өтеди.

 

Ҳәр бир мәмлекеттиң жәмийетлик турмысында әҳмийетли орын тутатуғын бул сиясий процесске мәмлекетте қандай таярлық көрилмектеЎ Президентликке талабанлар арасында мәмлекет басшылығы ушын болып атырған гүрес процеси қалай өтип атыр?

Ташкент қаласында жайласқан Қазақстан Республикасының Өзбекстандағы елшиханасында болып өткен брифингте усындай сораўларға жуўап берилди.

Қазақстан Республикасының Өзбекстандағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Дархан Сатибалди журналистлерге сайлаў процесине байланыслы ҳәм Өзбекстан және Қазақстан қатнасықлары ҳаққында мағлыўмат берди.

IMG_4324.JPG элчихона Каз.JPG

Елши өз сөзинде Қазақстанның ғәрезсизликке ерисиўи, мәмлекет сыпатында қәлиплесиўи ҳәм раўажланыўында әҳмийетли роль атқарған биринши Президент Нурсултан Назарбаевқа тоқтап өтти. Заманагөй ҳәм прогрессив Қазақстанды қурыўда оның үлкен орны бар екенлигин айрықша атап өтти.

Қазақстанда өткерилген алдынғы сайлаўларда халық исенген ҳәм сүйенген усындай елбасы болғаны ушын да ол жеңиске ерискен. Бирақ бул ретки сайлаў алдынғы сайлаўлардан пүткиллей парықланады. Талабанлар санының көплиги, олардың ҳәр бириниң алға қойып атырған өзине тән идеялары, саўлаў платформасына ийе екенлиги болажақ сайлаўдың ғәрезсиз Қазақстан тарийхында ең бәсекили болатуғынынан дәрек бермекте.

Президентликке жети талабан даўагерлик етпекте. Олар әмелдеги президент, «Нур-Отан» партиясынан Қасым-Жомарт Тоқаев, «Ұлы дала қырандары» республикалық жәмийетлик бирлеспесинен Садибек Тугел, кәсиплик ассоциациялары Федерациясынан Амангелди Таспихов, «Ақ жол» партиясынан Дания Еспаева, «Ауил» партиясынан Толеутай Раҳимбеков, Қазақстан Коммунистлик халық партиясынан Жамбил Ахметбеков ҳәм «Ұлт тағдыры» бирлескен миллий-ўатансүйиўшилик ҳәрекетинен Амиржан Косанов.

Президентликке сайлаўлар тарийхында дәслепки рет ҳаял адам, «Ақ жол» партиясынан талабан Дания Еспаева гүрес алып барады. Талабанлар арасында ҳаял адамның бар екенлиги Қазақстанда гендер теңсизлигине итибарды айқын дәлийлледи.

Сайлаўдың – ашық-айдын өтиўи демократиялық принциплердиң ең әҳмийетлиси болып есапланады. Қазақстанда бул мәселелер турақлы итибарда болып, сайлаў процесин бақлаўшылар, ғалаба хабар қураллары тиккелей бақлап барады. Олардың арасында, әлбетте, сырт мәмлекетлердиң ўәкиллери болады. Соның ишинде, он халықаралық шөлкемнен мыңнан аслам халықаралық бақлаўшы, сондай-ақ, сайлаў ўақтында мәмлекетте жумыс ислейтуғын сырт мәмлекетлердиң ўәкиллери келиўи күтилмекте.

IMG_4331.JPG брифинг Каз..JPG

Мырза Д.Сатибалди өзбек-қазақ қатнасықларына да тоқтап өтти. Бул еки халық әзелден бир-бирине туўысқан ҳәм ең жақын дос болып келген. Өзбекстан Қазақстанның Орайлық Азиядағы жетекши саўда шериги есапланады. 2018-жылдың жуўмағы бойынша мәмлекетлеримиз арасындағы саўда 25,3 процентке өсип, 2,5 миллиард АҚШ долларынан артты. Еки мәмлекет арасында өз-ара товар алмасыў көлемин 2020-жылға келип 5 миллиард АҚШ долларына шекем жеткериў күтилмекте.

Өзбекстанда «Қазақстан жылы» сиясий ҳәм саўда-экономикалық тараўлардағы бирге ислесиў менен бир қатарда өз ишине мәдений-гуманитарлық бирге ислесиў илажларының үлкен комплексин қамтып алған. Ҳәзирги ўақытта бул бағдарда әмелий жумыслар алып барылмақта.

Өзбекстанлы мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлер ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери Қазақстанда болып өтетуғын сайлаў процесслерин бақлаўда қатнасады.

2019-жыл 9-июнь күни Ташкент қаласы Зульфияханым көшесинде жайласқан Қазақстан елшиханасы имаратында Өзбекстандағы Қазақстан пуқаралары ушын 267-сайлаў участкасы ашылады. Даўыс бериў жергиликли ўақыт пенен 7.00ден 20:00 ге шекем даўам етеди.

 

Норгул АБДУРАИМОВА, ӨзА