Усы жыл 23-май күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде 26-май – «Халықаралық китаплар күни» мүнәсибети менен «Әдебиятқа итибар – келешекке, мәнаўиятқа итибар» атамасында студент- жаслар менен жазыўшы-шайырлардың ушырасыў кешеси өткерилди.
Онда студент-жаслар Қарақалпақстан Республикасы Жазыўшылар аўқамының баслығы, Қарақалпақстан халық шайыры К.Кәримов, Қарақалпақстан халық жазыўшысы, «Билим» баспасының директоры М.Нызанов, Қарақалпақстан халық шайыры, «Әмиўдәрья» журналының бас редакторы Х.Дәўлетназаровлар менен ушырасты.
Ушырасыў даўамында жазыўшы-шайырлар Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 13-сентябрьдеги «Китап өнимлерин басып шығарыў ҳәм тарқатыў системасын раўажландырыў, китап оқыўды ҳәм китапқумарлық мәдениятын арттырыў және үгит-нәсиятлаў бойынша комплексли илажлар бағдарламасы ҳаққында»ғы қарарының мазмун-мәниси ҳаққында, ҳәм усы жыл 19-март күни Президентимиздиң басшылығында өткерилген «Жаслар менен ислеўди нәтийжели шөлкемлестириўде мәденият, көркем өнер, спорт, мәлимлеме технологиялары, китап оқыўға қызығыўшылығын арттырыў бойынша 5 әҳмийетли басламаны әмелге асырыў ҳаққында»ғы алға қойылған басламалардың мазмун-мәниси ҳаққында кең түрде атап өтти.
– Елимизде жасларымыздың китап оқыўға қызығыўшылығын арттырыў, оларды китап пенен дос етиў, бәршениң китап оқыў дәрежесин жоқарылатыўға үлкен итибар қаратылмақта, – дейди ҚМУ студенти Базарбай Жолдасбаев.- Президентимиздиң китапқумарлыққа бағышланған ийгиликли басламасы келешегимиз болған жаслардың китапқа деген қызығыўшылығын арттырып, олардың руўхый дүньясын байытыўда өз нәтийжесин беретуғынына исенемиз.
Ушырасыўда студент-жаслар жазыўшы-шайырлардың шығармалары, орлардың дөретиўшилик жолы, дөрелиў тарийхы бойынша өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги