Усы жыл 20-22-май күнлери аралығында республикамыздың барлық қала ҳәм районларында  «Жас китапқурам» таңлаўының 2019-жылғы  таңлап алыў басқышы өткерилмекте.

Таңлаўға 10 жастан 30  жасқа шекемги жаслар қатнаспақта.

– «Жас китапқумар» таңлаўы жаслар арасында китап оқыўға болған қызығыўшылықты және де арттырмақта, – дейди Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң бөлим баслығы Минажатдин Мәмбетов. – Быйылғы таңлаўға 1-апрель сәнесинен баслап арзалар қабылланып басланды. 15-май күнге шекем  жәми  94 мың 363 жастың арзасы келип түсти.

Таңлаў қатнасыўшылары 3  жас категориясы бойынша қатнасып, олар «Өзбек әдебияты билимданы», «Жәҳән әдебияты билимданы», «Уллы ойшыл ҳәм жазыўшы» ҳәм «Көркем шығармалар билимданы» шәртлери бойынша өз-ара беллеседи.

Таңлаўдың кейинги басқышлары бойынша мағлыўмат берип барамыз.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы