Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Транспортта қәўипсизликти тәмийинлеў басқармасы және «Өзбекстан темир жоллары» акционерлик жәмийети тәрепинен биргеликте тастыйықланған режеге муўапық ҳәр ҳәптениң сәршембиси «Темир жолларда қәўипсиз күни» деп белгиленди.

Усы мүнәсибет пенен Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Транспортта қәўипсизликти тәмийинлеў басқармасы Қоңырат регионаллық темир жол узели жәмәәти менен өткерилген илаж даўамында темир жол хызметкерлери арасынла инструкциялар тарқатылып, ҳәр бир аймаққа жуўапкер бекитилди. Бунда тийкарғы итибар, темир жол имаратларында қәўипсизликти тәмийинлеў, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың ерте алдын алыў, темир жоллардың еки тәрепине орнатылған бетон дийўал, темир тор ҳәм тосықлардың жарамлылығына қаратылды,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Транспортта қәўипсизликти тәмийинлеў басқармасы ҳуқықбузарлықлар профилактикасы топарының инспекторы Айдос Жоламанов.-Соның менен бирге, ҳәкимликлер, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының басшылары менен биргеликте пуқаралар тәрепинен өзбасымшалық пенен пайда етилген пиядалар өтиў жоллары, нызамсыз қурылмалар, саўда шақапшалары, жергиликли халық тәрепинен таслап кетилген турмыслық шығындыларды алып таслаў шаралары көрилди.

Илаж даўамында 16 пуқаралар жыйынында, 12 мәкеме ҳәм кәрханада, 10 оқыў орнында ушырасыў, темир жол әтирапында жайласқан 130 шаңарақта жасаўшы бир елиўден аслам пуқара менен профилактикалық сәўбетлесиў өткерилди. Анықланған кемшиликлер бойынша жуўапкер шөлкемлерге 4 усынысхаты киргизилди.

Ҳуқықбузарлыққа жол қойған 7 пуқараға Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодекстиң тийисли статьялары менен  протокол рәсмийлестирилди. Буннан тысқары, гүман туўдырған 15  пуқара шахсын анықлаў ушын нәўбетшилик бөлимлерине алып келинди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.