Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 22-май күни электротехника санаатын раўажландырыў, өндирис ҳәм экспорт көлемин арттырыў мәселелерине бағышланған мәжилис өткерди.
Турмыс сапасының өсиўи менен халық арасында ҳәм экономика тармақларында электротехника өнимлерине талап барған сайын артып бармақта. Дүнья көлеминде бундай товарлардың экспорт көлеми 2 триллион 500 миллиард доллардан артып, жылына 10 процент өсиўи бақланбақта.
Бул тараў мәмлекетимиз экономикасында айрықша орынға ийе. Ишки базар, мәкеме ҳәм шаңарақлар елимизде ислеп шығарылған өнимлер менен тәмийинленген. Өткен жылы, мәселен, тармақ кәрханаларында 2 мыңнан аслам түрдеги 9 триллион 600 миллиард сумлық товарлар ислеп шығарылған.
Соның менен бирге, тараўға кең шараятлар жаратылғанына қарамастан, үлкен муғдардағы электротехника буйымлары импорт етилип атыр. Регион базарында мәмлекетимиздиң экспорт үлеси болса жетерли емес.
Мәжилисте экспорт-импорт конъюнктурасын үйрениў тийкарында электротехника санаатын раўажландырыў, жаңа өнимлерди өзлестириў ҳәм бәсекиге шыдамлылығын беккемлеў мәселелери додаланды. «Өзэлтехсанаат» ассоциациясына 2022-жылға шекем өндирис көлемин еки есеге арттырыў есабынан импортты оптималластырыў ҳәм экспортты 500 миллион долларға жеткериў ўазыйпасы берилди.
Президентимиз буның ушын шийки затты терең қайта ислеп, қосымша қунлы өнимлерди ислеп шығарыўды шөлкемлестириў зәрүрлигин атап өтти.
Ҳәзирги ўақытта мыстан таярланып атырған өнимлердиң 50 процентинен көбиреги әпиўайы сымнан ибарат. Соны терең қайта ислеп, мыс трубкалар, интернет ҳәм байланыс кабельлери таярланса, дүнья базарында қымбат сатылады. Турмыслық техникалар, санаат ҳәм медицина ушын зәрүр әсбап-үскенелер ҳәм аўысық бөлеклерди ислеп шығарыў бойынша да потенциал жетерли емес екени атап өтилди.
Өнимлер экспортында транспорт қәрежетлерин кемейтиў зәрүрлиги атап өтилди.
Мәжилисте импорттың орнын басатуғын өнимлердиң көлемин кеңейтиў, олардың өзине түсер баҳасын азайтыў мәселеси додаланды.
Өндиристе қолланылып атырған көп ғана аўысық бөлеклердиң импорт етилип атырғаны, бул өзине түсер баҳаның қымбатлаўына алып келип атырғаны көрсетип өтилди. Музлатқыш ҳәм ысытыў үскенелери, компьютер технологиялары, мобиль байланыс қураллары, қуяш панельлери ҳәм басқа да жоқары технологиялық өнимлерди ислеп шығарыўды кеңнен жолға қойыў арқалы мәмлекетимиз кәрханаларының ишки базардағы орнын буннан былай да беккемлеў зәрүрлиги атап өтилди.
Экономика ҳәм санаат министрлиги, «Өзэлтехсанаат» ассоциациясына жаңа өнимлерди өзлестириў бойынша «жол картасын» ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.
Елимиз өнимлерине ишки ҳәм сыртқы базарда турақлы талапты қәлиплестириў, мәмлекетлик сатып алыў ҳәм санаат кооперациясынан кең түрде пайдаланыў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Әсиресе, қурылыс, энергетика, мәлимлеме ҳәм коммуникация технологиялары, автомобиль қурылысы сыяқлы тармақларда ишки кооперацияны кеңейтиў зәрүрлиги атап өтилди.
Сырт ел базарларына кирип барыў ушын сыртқы бирге ислесиўди де раўажландырыў әҳмийетли болып есапланады. Сол себепли дүньяға белгили «бренд»лер менен қоспа жойбарларды әмелге асырыў, өнимлерди халықаралық стандартлар тийкарында сертификатластырыў системасын жолға қойыў бойынша тапсырмалар берилди.
Ислеп шығарыўшыларға жаратылған шараятлар талланғанда, бул бойынша еркин саўда зоналары әҳмийетли орын ийелейтуғыны атап өтилди. «Наўайы» ҳәм «Жиззақ» еркин экономикалық зоналарында жаңа жойбарларды жайластырыў, «Термиз» еркин экономикалық саўда зонасын шөлкемлестириў бойынша усыныслар билдирилди. Тармақты жедел раўажландырыў, ислеп шығарыўшылар ушын қолайлы шараят жаратыў мақсетинде заманагөй инфраструктураға ийе электротехника технопарклерин шөлкемлестириў зәрүрлиги атап өтилди.
Мәжилисте берилген тапсырмалар бойынша зәрүр илажлар белгилеп алынды.
ӨзА