Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитетиниң бизге берген мағлыўматларына қарағанда, усы жылдың бес ярым айы даўамында, комитеттиң «Аўыл-хожалығы ҳайўанларының жуқпалы кеселликлериниң алдын алыў бойынша эпизоотияға қарсы гүресиў бойынша илажлар режеси»не муўапық, 54 түрдеги ҳәр қыйлы илажлар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, эпизоотикалық теңсалмақлылықты тәмийинлеў мақсетинде, усы күнге шекем 119 мың 239 бас қара мал, 36 мың 968 бас қой-ешки, 281 бас ат бруцеллёз, 323 бас мал кампилобактериоз кеселлиги, терилерди асколи методы менен 1637 қара мал, 370 қой-ешкиниң тери үлгилери, 3485 бас қара мал, 3524 бас қой-ешки, 50 бас ат, 12 мың 643 бас ийт гельминтоз кеселликлери бойынша лабораториялық тексериўден өткерилген.
460 мың 929 бас қара мал, 154 бас шошқа, 524 мың 610 бас қой-ешки, 10 мың 550 бас ат, 11 мың 107 бас ешек, 2804 түйе күйдирги, 98 мың 953 бас қара мал, 50 мың 603 бас қой-ешки аўсыл, 111 мың 450 бас қара мал қарасан, 127 мың қой-ешки оспа, 78 мың 264 ийт ҳәм 960 бас қара мал қутырыў, 1 миллион 373 мың 400 қус (H) тери таспасы кеселликлерине қарсы шаншылған.
– Эктопаразитлерге қарсы гүресиўде 296 мың 255 қара мал ҳәм 307 мың 725 қой-ешкиге қайта көрип шығылды. Ветеринария санитария илажларынан 97 мың 423 шарўашылық объектлериниң 500 мың 493 квадрат метрлик майданына дезинфекциялаў, дезинсекциялаў илажлары әмелге асырылды,-дейди комитет баслығы М.Қайпанов. – Ветеринария хызметлери тәрепинен исбилерменлик субъектлерине қолайлылық жаратыў мақсетинде 15 экспорт, 20 импорт ҳәм 29 транзит мәселелери бойынша ҳүжжетлестириў жумыслары әмелге асырылып хызмет көрсетилди. Бес исбилерменге ветеринариялық жумысты жолға қойыў ушын лицензия берилип, жәми, 68 ветеринариялық нызамбузыўшылықлар анықланып, жуўапкерлерге 6 миллион 893 мың сумнан аслам муғдардағы жәрийма салынды.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усы жыл 8-майдағы «Қәнигелестирилген сойыў кәрханалары жумысын тәртипке салыў ҳәм тутыныў базарына гөш ҳәм гөш өнимлерин жеткерип бериў системасын және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы 386-санлы қарарына муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң усы жыл 11-май күнги 170-санлы қарары қабыл етилди.
Усы қарарға муўапық, дийқан ҳәм фермер хожалықлары, әсиресе, пуқаралар бағып атырған шарўа малларының саны, олардан алынатуғын өнимлердиң көлемин арттырыў есабынан қосымша дәрамат алыў ҳәм халықтың азық-аўқат өнимлерине болған талабын қанаатландырыў бойынша салмақлы жумыслар әмелге асырылыўы күтилмекте.
Сондай-ақ, аймақларда жумыс ислеп турған малларды сойыў ҳәм гөш сатыў менен шуғылланатуғынлар тәрепинен халықты гөш пенен тәмийинлеўде ветеринариялық-санитариялық норма ҳәм қағыйдаларға толық бойсынбаўы нәтийжесинде қәўипсизлик ҳәм сапасы кепилленбеген гөш ҳәм гөш өнимлерин саўдаға шығарыў сапластырылады.
Исбилерменлик субъектлери тәрепинен халықтың тутыныўы ушын жеткерип берилетуғын гөш ҳәм гөш өнимлериниң сапасын ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеў, терини қайта ислеў кәрханаларына сапалы тери шийки затын жеткерип бериў ҳәм сойыў кәрханалары жумысларын тәртипке салыў илажлары әмелге асырылады.
Және усы қарарға муўапық республикамыздың қала ҳәм районларында 2019-2021-жылларда жаңадан 15 орында қәнигелестирилген сойыў кәрханаларының шөлкемлестирилиўи күтилмекте.
Быйылғы жылы Әмиўдәрья ҳәм Беруний районларында усындай кәрханаларды шөлкемлестириў жумыслары басланды ҳәм бүгинги күнде олардың әсбап-үскенелерин орнатыў бойынша жумыслар алып барылмақта.
Буннан басқа қәнигелестирилген сойыў кәрханалары ушын ҳәм шарўа малларына тийисли өним ҳәм шийки затларды ислеп шығарыў, сақлаў ҳәм сатыў бойынша ветеринариялық-санитариялық норма ҳәм қағыйдалар ислеп шығылған.
Ҳәзирги ўақытта усы қарардың орынланыўы бойынша жумыслар нәтийжели түрде даўам етпекте.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.