Бажыхана тараўындағы соңғы жаңалықлардың бири – жақында қабыл етилген қарар тийкарында енгизилген жаңа тәртип болып есапланады.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 24-ноябрьдеги «Бажыхана ҳәкимшилигин жетилистириў ҳәм Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик бажыхана хызмети уйымларының жумыс нәтийжелилигин арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманына тийкарланып, 2019-жыл 1-февральдан баслап, сыртқы экономикалық байланыстың (СЭБ) ҳадал қатнасыўшыларына әпиўайыластырылған бажыхана тәртиплерин пайдаланыў ҳуқуқын беретуғын, халықаралық стандартларға муўапық ўәкилликли экономикалық операторлар институты әмелиятқа енгизилди. Усы пәрман талапларының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде 2019-жыл 29-апрель күни Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Ўәкилликли экономикалық оператор институтын енгизиў илажлары ҳаққында»ғы 363-санлы қарары қабыл етилди.

Усы қарар тийкарында тастыйықланған режеге муўапық, ўәкилликли экономикалық оператор статусын алыў мәселелери тәртипке салынып, бажыхана операцияларын әмелге асырыўда арнаўлы әпиўайыластырылған категориялары менен түрлери белгиленди.

Ўәкилликли экономикалық оператор – бажыхана операцияларын әмелге асырыўда әпиўайыластырылған бажыхана тәртиплеринен пайдаланыў ушын қарар менен тастыйықланған реже талапларына жуўап беретуғын юридикалық шахсларға берилетуғын статус болып табылады,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының Жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары менен байланыс топарының аға инспекторы Н.Хожанов.

Операторлар «А» ҳәм «Б» категорияларына бөлинип, бундай операторлардың Реестри Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана комитети тәрепинен алып барылады ҳәм комитеттиң рәсмий веб-сайтында жайластырылады.

Оператор Реестрге киргизилген ўақыттан баслап, қәўип дәрежеси төмен болған категорияға киргизиледи. Мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары ўәкилликли экономикалық оператор бола алмайды.

«А» категориясына белгиленген арнаўлы әпиўайыластырыўлардан пайдаланыў ҳуқуқын алыў ушын бажыхана уйымларына мүрәжат еткен юридикалық шахстың басшысы, бас есапшысы ҳәм ўәкилликли шахслары мүрәжат етилген ўақытқа шекем Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодексиниң 174, 175, 176, 177, ҳәм 227-22727-статьяларында көрсетилген ҳуқуқбузарлықлар ушын ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылған жағдайлары болмаўы керек.

Сондай-ақ, мүрәжат еткен ўақытқа шекем соңғы бес жыл даўамында олар Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 182, 184, 189, 209, 228 ҳәм 246-статьяларында көрсетилген жынаятлар ушын жуўапкершиликке тартылмаған болыўы тийис.

Сондай-ақ, салықлар ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлерден, жәрийма ҳәм пеньялар төлеў бойынша қарыздарлығы болмаўы, бажыхана уйымларына мүрәжат еткенге шекем кеминде үш жыл сыртқы экономикалық байланысты әмелге асырған, товарларды сақлаў ушын қоймахана сыпатында пайдаланыўға белгиленген (пайдаланыў яки ийелик етиў ҳуқуқы тийкарында) имаратлар (имаратлардың бир бөлеги) ҳәм ашық майданларға ийе болыўы керек.

Импорт ҳәм экспорт етилген товарлардың фактура қуны жылына кеминде 2 миллион АҚШ доллары эквивалентин қураўы ҳәм соңғы он еки ай даўамында кеминде 100 дана импорт ҳәм экспорт бажыхана жүк декларацияларын рәсмийлестирген, ямаса төленген бажыхана төлемлериниң жыйындысы ең кем айлық мийнет ҳақының кеминде 20000 есесин қураўы ҳәм кеминде 50 дана импорт ҳәм экспорт бажыхана жүк декларациясын рәсмийлестирген болыўы тийис.

«Б» категориясын ҳәм усы категориядағы арнаўлы әпиўайыластырыўлардан пайдаланыў ҳуқуқын алыў ушын оператор кеминде бир жыл «А» категориясында оператор сыпатында сыртқы экономикалық байланыс ҳәрекетин әмелге асырыўы ҳәм «Б» категориясын алыў ушын арза бериўи шәрт.

«А» категориясындағы операторға төмендеги арнаўлы әпиўайыластырыўлар бериледи.

Атап айтқанда, товар ҳәм транспорт қуралларын шығарыў ҳаққында қарар қабыл етилгенде, оператордың товарлары ҳәм транспорт қуралларына бажыхана қадағалаўы түрлерин қолланбаў. Буған тәўекелшиликти басқарыў системасы тәрепинен белгиленген шаралар кирмейди.

Операторға тийисли товарларды декларациялаў ҳәм шығарыўға байланыслы бажыхана операцияларын биринши гезекте әмелге асырыў.

Оператор тәрепинен тасылатуғын товарларға тасыў жөнелисин белгилемеў.

Оператордың товарларын бажыхана жибериў орнынан белгиленген жерге шекем бажыхана төлемлериниң төлениўин тәмийинлеместен жеткерип бериў.

Товарларды оператордың ашық майданлары, имаратлары ҳәм басқа да аймақларына бажыхана қадағалаўына жайластырыў.

Бажыхана уйымлары менен келисилген ҳалда, оператордың ашық майданлары ҳәм басқа да аймақларында товарларды шығарыўға байланыслы бажыхана операцияларын әмелге асырыў.

Оператордың транспорт қуралында бажыхана транзити әмелге асырылғанда бажыхана төлемлериниң төлениўин тәмийинлеў талап етилмейди.

Бажыхана төлемлериниң төлениўин тәмийинлеместен, бажыхана төлемлерин бөлип төлеў ҳәм (яки) мүддетин жигирма жумыс күнине шекем кешиктирген ҳалда, товарларды еркин айланысқа шығарыў.

«Б» категориясындағы операторға «А» категориясына қосымша рәўиште төмендеги арнаўлы әпиўайыластырыўлар бериледи.

Товарларды шығарыўда олардың бажыхана қунын шәртли түрде анықлаўда  бажыхана төлемлериниң төлениўин тәмийинлеўди талап етпеў.

Айрықша ҳүжжетлер (муўапықлық сертификаты) болмағанда, товарларды (азық-аўқат ҳәм фармацевтика өнимлеринен тысқары) шәртли түрде шығарыў ҳәм ҳүжжетлерди кейин ала алпыс календарь күни даўамында усыныў.

Экспортқа жиберилетуғын товарлар жүкленген транспорт қуралларының жүк бөлмелерин (отсек) ямаса олардың бир бөлимине оператор тәрепинен қойылған пломбаларды бажыхана уйымлары тәрепинен идентификация қуралы сыпатында тән алыныўы.

Бажыхана төлемлериниң төлениўин тәмийинлеместен, бажыхана төлемлерин бөлип төлеў ҳәм (яки) мүддетин алпыс жумыс күнинен кешиктирмеген ҳалда, товарларды еркин айланысқа шығарыў.

Мәмлекетлик бажыхана хызмети уйымлары тәрепинен бажыхана операцияларын әмелге асырыў ўақтын қысқартыў ҳәм тәртибин жетилистириў бойынша әмелге асырылатуғын тәжирийбе бағдарламалары сынақларында қатнасыў.

Бажыхана мәселелерин шешиўде операторға көмеклесиў ушын мәмлекетлик бажыхана хызмети уйымларының жуўапкер хызметкерин (кейинги орынларда координатор деп аталады) тайынлаў.

Комитет тәрепинен, юридикалық шахсты Реестрге киргизиў, сондай-ақ оның статусын тоқтатып турыў, қайта тиклеў ямаса операторды Реестрден шығарыў ҳаққындағы қарар шығарылғаннан кейин, бул ҳаққындағы мағлыўмат рәсмий веб-сайтта жайластырылады.

Юридикалық шахс Реестрге киргизиў ушын Комитетке белгиленген үлгидеги арза менен мүрәжат етеди.

Арзаны мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы да усыныўы мүмкин.

Егер Комитет бул арзаға тийисли ҳүжжетлер ҳаққындағы мағлыўматларды бажыхана уйымларындағы мәлимлеме системалары, сондай-ақ уйымлараралық мәлимлеме бойынша бирге ислесиў шеңберинде мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлердиң мәлимлеме системалары арқалы алыўы мүмкин болса, арзаға айрықша ҳүжжет қосымша етилмейди.

Комитет арзаны дизимге алған күннен баслап 30 жумыс күни ишинде көрип шығады ҳәм көрип шығыў ушын ҳеш қандай төлем өндирилмейди.

Комитет тәрепинен, белгиленген мүддет ишинде юридикалық шахсты Реестрге киргизиў ямаса киргизиўди бийкар етиў ҳаққында жазба түрде хабарлаў хаты жибериледи.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.