Мәмлекетлик хызметлер агентлиги шөлкемлестирилген күннен-ақ өзин инновациялық процесслерди ҳәрекетлендириўши күш сыпатында көрсетти.
Сол себепли, Мәмлекетлик хызметлер орайлары системасында жаңа – архивариус лаўазымын енгизиў есабынан ПҲАЖ уйымлары архив ҳүжжетлерин усыныў процесинде оларды қолдан излеўден ўаз кешиў режелестирилген.
Буннан тысқары, 2022-жыл 1-январьға шекем автоматласқан «ПҲАЖ бирден-бир электрон архив» системасын қәлиплестириў режелестирилген.
Бул ушын арнаўлы үскенелер жәрдеминде ПҲАЖ архив ҳүжжетлерин цифрластырыў баслап жиберилген.
Бул болса жақын келешекте керекли ҳүжжетлерди 5-10 минутта алыў имканиятын береди. Бүгинги күнге шекем жәми 16 786 187 ПҲАЖ архив ҳүжжетлери цифрластырылып, электрон системаға киргизилди.
ӨзА