Ташкент қасалындағы Симпозиумлар сарайында Москва мәмлекетлик халықаралық қатнасықлар институты (ММХҚИ) питкериўшилериниң V халықаралық форумы болып өтти.
Усы абырайлы илажда 32 мәмлекеттен ММХҚИ питкериўшилери болған 450 ге шамалас ҳүкимет ҳәм парламент ағзалары, сиясатшылар, дипломатлар, ири сырт ел компанияларының басшылары, институттың профессор-оқытыўшылары қатнасты.
Форумда Россия Федерациясы Федераллық Мәжлиси Федерация Кеңеси баслығының орынбасары И.Умаханов, Россия мәденият министри В.Мединский, Евразия банки Директорлар кеңесиниң ағзасы Ф.Шодиев ҳәм басқа да ҳүрметли мийманлар қатнасты.
Өзбекстан Бас министри Абдулла Арипов Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң, ММХҚИ ректоры Анатолий Торкунов Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң форум қатнасыўшыларына жоллаған қутлықлаўын оқып еситтирди.
«ТАСС» хабар агентлиги Бас директорының биринши орынбасары М.Гусман ММХҚИди раўажландырыў стратегиясы бойынша таярланған видеопрезентациясын көрсетти.
ММХҚИ өз алдына келешек университетине айланыўдай жоқары мақсетти қойған. Бул жолда әмелге асырылатуғын жумыслардың өзегешелиги билимлендириў системасын мийнет базары менен үнлес, бир пүтин ҳалда раўажландырыўда көринеди. Басқаша етип айтқанда, билим алыў дипломды қолға киргизиў менен жуўмақланбаўы керек. Питкериўшилер кейин де өз қәнигелигин және де арттырыў бойынша жоқары оқыў орны менен бирге ислесиўди даўам еттириў имканиятына ийе болады. Бул бойынша заманагөй, цифрлы мәмлимлеме технологияларынан кеңнен пайдаланылады.
Форумда Өзбекстанның жәҳән инвестициялық картасындағы орнына бағышланған баянатларға айрықша итибар қаратылды. Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министриниң биринши орынбасары Илҳом Неъматов форум бағдарламасына киргизилген мәселелер ҳәр тәреплеме оғада пайдалы болып, Өзбекстанның бүгинги күнде алып барып атырған ишки ҳәм сыртқы сиясатына, әсиресе, мәмлекетимиздеги 2019-жылдың атамасына толық сәйкес келетуғынын атап өтти.
«Boston Consulting Group» (BCG) басқарыўшы директоры Владислав Бутенко өзиниң шығып сөйлеўинде Өзбекстанның жүдә пайдалы инвестициялар киргизиў көзқарасынан «үлкен имканиятлар есиги» екенин атап өтти. Қәниге мәмлекетимиздеги бүгинги инвестициялық орталықты таллаў нәтийжелерине бағышланған презентациясы даўамында ири инвесторларға Өзбекстанды жақыннан таныстырып, бул жердеги реформалар ҳәр қандай бизнести раўажландырыўға кеңнен жол ашып беретуғынын атап өтти.
Тема шеңберинде Евразия банки директорлар кеңесиниң ағзасы, «Eurasian Resоurces Group» компаниясы тийкарын салыўшыларынан бири болған Фаттоҳ Шодиев, Россия Федерациясы «Газпромбанк» АЖ биринши вице-президенти Дмитрий Шулаков, Өзбекстан Республикасы Капитал базарын раўажландырыў агентлигиниң директоры Отабек Назиров, «Наўайы» еркин экономикалық зонасының басшысы Ҳабибулла Абдуллаев шығып сөйледи.
Дисскуссиялар ўақтында Өзбекстанда фонд, капитал, соның ишинде, баҳалы қағазлардың базарын раўажланждырыў, бул бойынша сырт ел тәжирийбесин үйрениў, биринши мәрте Өзбекстан еврооблигацияларын халықаралық базарға жайластырыў, ШБШда мәмлекетимиздиң белсендилигин арттырыў сыяқлы мәселелерге айрықша тоқтап өтти. Экспертлер Өзбекстан сырт ел инвесторлары ушын Орайлық Азиядағы тийкарғы тутыныў базарына айланғаны, дүньяның жетекши компаниялары жәриялаған рейтинг нәтийжелери бойынша мәмлекетимиздиң көрсеткишлери сезилерли дәрежеде көтерилгенин атап өтти. Сессия жуўмағында Өзбекстанда регионаллық финанслық орай дүзиў нәзерде тутылып атырғанын атап өтти.
Форумның стратегиялық эмпатия ҳәм қәўипсизлик мәселелерине бағышланған сектор мәжилисинде БМШ Бас хаткериниң сиясий мәселелер бойынша жәрдемшиси Мирослав Йенча баянат жасағаны Өзбекстан бул бағдарда қаншелли аҳмийетли орын ийелейтуғынын аңлатады.
БМШ, атап айтқанда, ЮНЕСКО мәмлекетимиздиң бийтәкирар тарийхый – архитектуралық естеликлерине барқулла айрықша итибар қаратып келген. БМШның Бас хаткери Антонио Гуттериш 2017-жыл Самарқандта Президент Шавкат Мирзиёев пенен ушырасқаннан кейин Аралбойы машқалаларын өз көзи менен көриў мақсетинде Мойнаққа жол алған еди.
М.Йенчанниң атап өтиўинше, әйне Өзбекстан Президентиниң басламасы менен Арал апатшылығы мәселеси халықаралық дәрежеге шықты. БМШның усы жылы сентябрь айында болып өтетуғын саммиттинде бул мәселе және көтериледи. Арал апатшылығы бүгинги күнде пүткил адамзаттың келешегине қәўип салып атырған глобаллық экологиялық машқала болып есапланады.
Халықаралық имидж сиясатына бағышланған сессияда мәмлекетимиздиң бай тарийхы ҳәм мәдений мийрасы, өзбек халқының уллы ата-бабалары дүнья цивилизациясына үлкен үлес қосқаны ҳаққында пикир-усыныслар билдирилди.
Экспертлер – ЮНЕСКОның бурынғы бас директоры Ирина Бокова, Камбоджа Патшалығының билимлендириў, жаслар ҳәм спорт ислери бойынша министри Н.Ханг Чуон, Москва ўәлаятының мәденият министри Нарин Ширалиева ҳәм басқалар имидж сиясатының әҳмийети, атап айтқанда, халықаралық майданда Өзбекстанның статусын буннан былай да арттырыўға байланыслы мәселелерге тоқтап өтти.
Қәнигелердиң атап өтиўинше, мәмлекеттиң имиджин арттырыўда туризм тийкарғы факторлардан бири болып есапланады. Мысалы ушын, бүгинги күнде ЖИӨниң 10 проценти, халықаралық экспорттың 30 проценти туризмниң үлесине туўра келмекте. Дүнья бойынша туризмге тийисли дәраматлардың 40 процентин болса мәдений туризм қурайды. Бул жүдә жоқары көрсеткиш. Өзбекстан мәдений туризм бойынша үлкен потенциалға ийе. Тарийхый естеликлерге оғада бай бул мәмлекетте мәдений туризмди раўажландырыў ушын қолайлы шараят бар, соңғы ўақытта виза режими бойынша кең имканиятлар жаратылды.
Форум дослық руўхында, жоқары кейпиятта өтти. Форумның сиясат, қәўипсизлик, экономика, мәденият ҳәм басқа да тараўларға бағышланған сессиялары да қызықлы пикир-таласларға бай болды. Мийманлар форум жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгенин айрықша атап өтти.
Форумда Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Абдужаббор Абдувахитов шығып сөйледи.
Ғайрат ХОННАЗАРОВ,
ӨзАның хабаршысы