Пайтахтымызда 18-19-май күнлери Москва мәмлекетлик халықаралық қатнасықлар институты (ММХҚИ) питкериўшилериниң V форумы болып өтти. Конференция мийманлары қатарынан институт ректоры, РИА академиги Анатолий Торкунов да Ташкентке жетип келди. Усы мүнәсебет пенен Өзбекстан сүўретлеў өнери галереясында баспасөз конференциясы өткерилди.

 Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министриниң биринши орынбасары Илҳом Неъматов жийналғанларға форумның бағдарламасы ҳаққында мағлыўмат берип, соңғы жылларда Өзбекстан – Россия қатнасықлары жаңа форматта жедел раўажланып атырғанын атап өтти.

ММХҚИ ректоры Анатолий Торкунов ММХҚИ питкериўшилериниң V форумын өткериў ушын бир қатар мәмлекетлер даўагерлик еткени, шөлкемлестириўшилер болса бир даўыстан Өзбекстанды сайлағанын атап өтти. Бүгинги күнде ўатанласларымыздың бир неше әўладының ўәкиллери тек ғана усы жоқары оқыў орнының питкериўшилери емес, ал халықаралық жәмийетшилик арасында да мүнәсип орын ийелейди. Әсиресе, бул топарды Ташкент пенен узақ жыллық жақсы қатнасықлар байланыстырып турады. 1966-жылғы жер силкиниўи ақыбетлерин тоқтатыўда институттың студентлери ҳәм оқытыўшылары белсене қатнасқан.

А.Торкунов сөзиниң жуўмағында Ташкентте ашылыўы режелестирилип атырған ММХҚИ филиалы ҳәм оның питкериўшилери қәлиплескен дәстүрлерди мүнәсип даўам еттиретуғынына исеним билдирди.

Баспасөз конференциясынан кейин мийманлар И.Савицкий атындағы Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик көркем өнер музейиниң көшпели көргизбесин көрди.

Илажда Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.Абдувахитов қатнасты.

 

Ғайрат ХОННАЗАРОВ,

ӨзАның хабаршысы