TripAdvisor агрегаторы жолаўшылардың пикири тийкарында быйылғы ең жақсы авиакомпаниялардың рейтингин жәриялады. Сингапурдың Singapore Airlines  компаниясы дүньяның ең жақсы авиакомпаниялары дизимин басқармақта.

Екинши ҳәм үшинши орынларды Қатардың Qatar Airways,  Тайванның EVA Airкомпаниялары ийелеген. Жетекшилердиң беслигин Бирлескен Араб Әмирликлериниң Emirates ҳәм Японияның Japan Airlines  компаниялары жуўмақлаған.

Ең жақсы онлыққа  Американың Southwest Airlines, Бразилияның  Azul, Жаңа Зеландияның  Air New Zealand,  Уллы Британияның Jet2.com  ҳәм Японияның All Nippon Airways (ANA)  компаниялары кирген.

Emirates – ең жақсы биринши класс салоны, Qatar Airways  – ең жақсы бизнес класс салоны, Air New Zealand  ҳәм Singapore Airlines  – ең жақсы премиум-эконом ҳәм эконом класс салонлары ушын жолаўшылардың итибарына миясар болған.

ӨзА