Усы жыл 30-март күни Кегейли районы «Жылўанжап» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязовтың пуқараларды көшпели қабыллаўы болды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасы тәрепинен шөлкемлестирилген илажға министрликлер менен ведомстволардың, ҳуқық қорғаў уйымларының, район ҳәкимлигиниң басшылары, жәмийетлик шөлкемлердиң, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Атап өтилгениндей, быйылғы жылдың өткен айлары даўамында район турғынларынан Халық қабыллаўханаларына 96 мүрәжат келип түскен. Соннан 52 мүрәжат унамлы шешимин тапқан. 17 мүрәжат ийесине түсиник берилген болса, 27 мүрәжат тийисли тараў басшылары тәрепинен үйренип шығылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы тәрепинен усы күни 18 пуқара қабыл етилди. Соннан бес пуқараның мүрәжаты сол жердиң өзинде шешимин тапты. Атап айтқанда, «Жаңабазар» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы Турсынгүл Мамутова кәсиплик аўқамлары тәрепинен тигиў машинасы менен тәмийинленетуғын болса, «Ақтуба» аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан Аяпберген Абдуллаевтың майыплығы болған шахслығы тастыйықланды. «Еркиндәрья» аўыл пуқаралар жыйынынан Зулфия Тәжибековаға материаллық жәрдем берилетуғын болса, «Нурлы бостан» мәкан пуқаралар жыйынынан Қызларгүл Өтегенова менен «Ақтуба» аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан Бийбиназ Мамутовалардың жумысқа орналасыў бойынша мүрәжатлары қанаатландырылды.

-Балаларыма напақа алыў ҳәм жумысқа орналасыў бойынша Халық қабыллаўханасына мүрәжат еткен едим,-дейди «Қумшүңгил» аўыл пуқаралар жыйынынан Гүлбосын Сержанова. -2011-жылы 1-санлы Нөкис медициналық колледжин питкерип келгенли берли жумыссызбан. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының қабыллаўында болып, тийисли тараў басшылары тәрепинен жәрдем берилетуғын болды.

Усы күни пуқаралар тийкарынан емлениўге жәрдем, жумысқа орналасыў, тәбийғый газ ҳәм ишимлик суў тәмийнаты ҳәм басқа да машқалалар бойынша мүрәжат етти.  Солардан бири «Абат мәкан» мәкан пуқаралар жыйынынан  Жумабай Мадреймов усы аймақта жасаўшы пуқаралардың бир нешше жыллардан бери ишимлик суўдан қыйналып киятырғанлығын айтып мүрәжат етти. Оның мүрәжаты тийисли тараў басшылары тәрепинен үйренип шығылып, илаж көрилетуғын болды.

Көшпели қабыллаўға Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасының баслығы Ҳ.Халимов қатнасты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.