Илимпазлар Марс планетасы бурын суўы көп дәрьяларға бай болғанын шамаламақта. Бул ҳаққындағы илимий мақала  «Science Advances»  журналында басып шығарылды.

Мақалада атап өтилиўинше, Чикаго университети эксперти Эдвин Кайт басшылығында алып барылған үйрениўлердиң нәтийжеси Марс планетасы бурын суўы көп дәрьяларға бай болған, деген шамалаўды алға қоймақта.

Шама ҳақыйқатқа жақын болыўы мүмкин. Мысалы, Марс орбитасынан алынған сүўретлерде планетада узынына созылған дәрья аңғарларына уқсаған тармақлар бар екени көзге тасланады. Буннан тысқары,  марсоходлар да тек ғана суў жәрдеминде қәлиплесиўи мүмкин болған таў жынысларын анықлаған.

photo5253479679095056949.jpg

Эдвин Кайт сыяқлы илимпазлардың пикиринше, бундай дәлиллер Қызыл планета 2-3 миллиард жыл бурын суўы көп дәрьяларға ийе болғанын дәлиллейди.

Ҳәзирги ўақытта Марста суў тек ғана муз ҳалатында ушырасады. Ўақты-ўақты менен планета қәддинде суйық ҳалатта да суў пайда болып турады.

ӨзА