Ҳүкиметтиң айырым қарарларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди (243-санлы  24.03.2019 ж.). Бул ҳаққында «Ҳуқықый мәлимлеме» каналы хабар берди.

Нызамшылыққа муўапық, газ тәмийнаты турмыслық тутыныўшылар, шаңарақлық кәрханалар, сондай-ақ, стратегиялық ҳәм социаллық әҳмийетке ийе тутыныўшыларға биринши гезекте жеткерип бериледи.

Турмыслық тутыныўшылар-күнделикли турмыстағы зәрүрлик (аўқат таярлаў, ыссы суў ҳәм ысытыў) ушын тәбийғый газден пайдаланыўшы халық қатламы.

Киргизилген қосымшаларға муўапық, уйымлық ҳәм муниципал турақ жай фонды, жатақханалар ҳәм жеке меншик турақ жай мүлк ийелери ширкетлери ҳәм халықтың талаплары ушын локал қазанханалар да жоқарыдағы категорияға киргизилди.

Усы тутыныўшыларға газ турмыслық тутыныўшылыр ушын белгиленген тарифлерде жеткерип бериледи.

Мағлыўмат ушын, халыққа коммуналлық-турмыслық зәрүрликлер ушын газ жеткерип бериў 2018-жыл 16-ноябрьден 320 сум, 2019-жыл 1-июньнен баслап 350 сумды қурайды.

ӨзА