Бирлескен Араб Әмирликлериниң Әл-Айн қаласы әжайып атмосфералық ҳәдийсениң гүўасы болды, деп жазады Спутник басылымы.

Ҳәдийсе гүўасы болғанлардың бириниң Твиттерде жәриялаған видеосында ҳәрекетленбейтуғын шеңбер сәўлеленген. Оның реңи әтираптағы бултларға қарағанда қаралтым екени көринеди. Видео авторы оны «Ойық булт» деп атаған.

Бул видео қызғын додалаўларға себепши болды. Айырымлар бул ҳәдийсе қоршаған орталықтың унамсыз тәрепке өзгериўи екенлигин атап өткен болса, басқалары Жерге өзге планеталылар келген, деп болжамақта.

Кейин ала комментарияларда бул сыяқлы «ойықлар» самолёт бултлар арасынан ушып өткенде температураның бир-биринен парқланыўы себепли пайда болыўы мүмкинлиги түсиндирилген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги