Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги-ӨзА министрликлер ҳәм мәмлекетлик шөлкемлердиң баспасөз хызметлери рейтингин ислеп шықпақта

 Мәлимлеме майданында сондай қағыйда бар, «Баспасөз хызмети журналистлерден мәлимлемени жасырғаны менен утылады».

Журналистке сиз (баспасөз хызмети) мәлимлемени бермесеңиз, бул исти сизден бурын басқалар әмелге асырады. Ақыбетинде ким утады?

Өзбекстан миллий мәлимлеме агентлиги-ӨзА www.uza.uz сайтында Өзбекистандағы бар министрликлер, шөлкемлер ҳәм комитетлердиң баспасөз хызметлери рейтингин ислеп шықпақта.

Ҳәзирше онда төмендеги үшлик жетекшилик етпекте׃

  1. Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги
  2. Өзбекстан Республикасы Президенти баспасөз хызмети
  3. Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги

Социаллық тармақларда даўыс жыйнаған министрликлер менен структуралардың баспасөз хызметин қаншелли белсенди деўге болады! Өзлери ҳаққындағы мағлыўматларды киргизиўде жетекшилик етип, журналистлердиң сораўларына «хат пенен шығың», деп жуўап беретуғын баспасөз хызметлери ўәкиллерин де белсенди деп айтыў мүмкин бе?

Мысал ушын, кейинги ўақытларда қандайда бир уйым хызметкерлериниң алмасқаны ямаса қамалғаны ҳаққындағы хабарлар биринши болып елимизде дизимнен өтпеген басылымларда пайда болмақта.

Кейин ала болса бул хабарлардың қаншелли дурыс ямаса надурыслығына шөлкемлер (прокуратура) түсиник бериў менен шекленбекте.

Көпшиликке надурыс мағлыўмат жетип барып, жетерли жуўмақлар қәлиплесип болғаннан кейин, баспасөз хызметлериниң берген бийкарлаўы нәтийже берер ме екен!

Және буған қосымша, бийкарлаў берген мағлыўматларын ўақыт өтиўи менен тастыйықлаўларының да гүўасы болмақтамыз. Бул ҳаққында баспасөз хызмети ўәкиллери азғана изленсе мақсетке муўапық болар еди.

«Азатлық» дәреклери арқалы пүткил халық «пәленше қамалды», деген хабарды еситип болғаннан соң, шөлкемниң рәсмий мағлыўматы қаншелли әҳмийетли ямаса исенерли болады! Бул олардың мәлимлеме майданында уттырып қойып атырғанын аңлатпай ма?

Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы баспасөз хызметиниң рәсмий мағлыўматларынан бурын, биз «Eltuz», «Азатлық» сайтларында усы уйымның жумысына байланыслы таң қалдырарлық хабарлардың гүўасы болмақтамыз.

«ВВС» өзбек хызмети ўәкиллеринен Өзбекстандағы министрликлер ҳәм шөлкемлердиң баспасөз хызмети жумысларын баҳалаўды сорағанымызда, сырт елдеги кәсиплеслеримиз тек ғана Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы олардың сораўларын ашық қалдырмайтуғынын атап өтти. Жергиликли басылымларымыз болса бул шөлкем мағлыўматты ўақтында тастыйықламайтуғынлығынан налыйды.

ҒХҚын бақлар екенбиз, көпшилик жеке меншик сайтларда рәсмий баспасөз хызметлери мағлыўматынан бурын исенимли дәреклерге сүйенген хабарлар жетекшилик етпекте. Яғный айтпақшы болғанымыз, баспасөз хызметлерине қарағанда, сайтлардың өз исенимли дәреклери белсендирек көринбекте.

ЖУРНАЛИСТЛЕРДИҢ ТӘН АЛЫНЫЎЫ

Бир ўақытлары, министрликлердиң баспасөз хызметине баҳа бергенде, олардың сайты қаншелли тез жаңаланатуғыны ҳәм жиберген хатларымызға қанша мүддет ишинде жуўап беретуғыны менен баҳа беретуғын едик. Бүгин жақсылыққа болсын, айырым министрликлер, шөлкемлердиң баспасөз хызметлери «рәсмий хат пенен шығың», деген талаптан қашпақта.

Медиа қуралына айланып үлгерген бәрше социаллық тармақларда бүгин дерлик барлық министрликлер ҳәм шөлкемлердиң өз бетлери бар.

Әдиллик министрлиги баспасөз хызмети де социаллық тармақларда белсенди ҳәм барқулла журналистлердиң мүрәжатларын жуўапсыз қалдырмайды.

Инновация министрлиги, Өзбекстан ҳаял-қызлар комитети баспасөз хызмети ҳаққында да көплеген кәсиплеслеримиз унамлы пикирде.

Өзбекстан мусылманлары мәкемеси де жәмийетимизде ямаса сырт елде жүз берип атырған ўақыяларға тек ғана бақлаўшы болып қалмастан оларға өз мүнәсибетин билдирип келмекте.

Тутыныўшылардың ҳуқықын қорғаў жәмийетлери федерациясы жәмийетлик шөлкеминиң баспасөз хызметиниң де баспасөздеги ҳәрекетлерин көншилик кәсиплеслеримиз жақсы баҳалайды. Федерация ҳақыйқый емес қарыздарлықлар бойынша алып барып атырған жумысларын белсендилик пенен сәўлелендирип бармақта.

«АЛЫП ТАСЛАҢ», «БИЙКАРЛАҢ!»

 Қандайда бир шөлкемге журналистлер тәрепинен «тас ылақтырылса», баспасөз хызметлери бийкарлаўға албырап қалады. Бийпәрўа болғаннан жуўап мақала таярлаған жаман емес. Бирақ көплеген шөлкемлердиң баспасөз хызмети ўәкиллери жуўап мақала жазыўдың орнына, редакцияға қоңыраў етип, материалды алып таслаўды өтиниш ектенди абзал биледи.

Бул нызамға қайшы болыўына қарамастан, тилекке қарсы, усындай жағдайлар тез-тез ушырасып турады.

Сын пикирлерге қәўетерленип жуўап беретуғын баспасөз хызметлери рейтингин дүзиўге де зәрүрлик бар.

ТАШКЕНТ ҚАЛАСЫ ҲӘКИМЛИГИ ҲАҚҚЫНДА ӨЗ АЛДЫНА…

 Ташкент қаласы ҳәкимлигиниң баспасөз хызмети белсендилик пенен әмелге асырып атырған жумысларын кеңнен сәўлелендирип бармақта. Қала ҳәкимлиги баспасөз хызмети ўәкиллери өзлери қәлеген хабарды жеткериўде оғада белсенди.

Facebook социаллық тармағында ҳәкимликтиң видеороликлери көбейип бармақта. Бирақ, ҳәкимлик баспасөз хызмети ўәкиллеринен әйне бизди қыйнаған сораўларға, журналистлерди қызықтырған мәселелерге жуўап алыў қыйынырақ. Яғный ҳәкимлик өзи қәлеген хабарды тарқатады да, биз қәлеген мағлыўматты бериўде төмен турады.

Сондай-ақ, ҳәкимлик сайтында айырым мағлыўматлар жаңаланбаған. Район ҳәкимликлериниң орынбасарлары ҳәм аймақлар ҳаққындағы хабарлар гөнерип қалған.

ИЛАЖ ӨТКЕРИЎДЕ ЖЕТЕКШИ

 Бүгин көпшилик журналистлердиң илажлардан «басы шықпайды». Шөлкемлер ҳәм министрликлер илажлар өткериўден шаршамай атыр. Бирақ, илажда шаққан болған баспасөз хызмети ўәкиллери айырым ўақытларда журналистлердиң қатнаспағанын ямаса жиберилген мағлыўматларының ҒХҚда басылмағанын айтып налыйды.

Илаж пресс-релизинде машқала ямаса сораў көтерилмесе, бул әнжуман ўақытын бийкар өткериўди қәлемеген журналистти қызықтырмайды.

Илажыңыздың әҳмийетли екенлигин дәлийллеп бере алмасаңыз, журналистлердиң қатнаспағанынан өкпелемең. Соның менен бирге, ҳеш бир ҒХҚ басылымлары баспасөз хызметлери жиберген хабарларыңызды сәўлелендириўге мәжбүр емес. Көпшилик шөлкемлер ямаса министрликлердиң баспасөз хызмети ўәкиллери олар ҳаққында ҒХҚда қанша көп жарытылса, бул «ислеп атырғанымызды дәлийллейди» деп биледи. Лекин, сол шөлкем ҳаққында баспасөзде сын материал шықса, оған мүнәсибет билдириўде ақсап қалмақта.

www.uza.uz сайты баспасөз хызметлеринен белсенди болыўды күтип қалады. Бул сораў шөлкемлердеги баспасөз хызметлериниң қалай ислеп атырғанына азда болса анықлық киргизеди деген үмиттемиз.

Баспасөз хызмети жумысын таныстырып атырған министрлик, комитет ҳәм шөлкемлер ўазыйпасын ҳүжданлы түрде атқарып атырғанының гүўасы болайық ҳәм халық олардан ыразы болсын.

Баспасөз хызметлери рейтинги даўам етеди…

Анора Содиқова,ӨзА