2019-жыл 1-июльден баслап Айрықша жағдайлар министрлиги қурамында Еситиўинде ҳәм сөйлеўинде кемшилиги болған шахсларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў диспетчерлик хызмети шөлкемлестириледи.

 Еситиўинде ҳәм сөйлеўинде кемшилиги болған шахсларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққындағы Президент қарары (ПҚ-4242, 18.03.2019ж.) қабыл етилди. Бул ҳаққында «Ҳуқықый мәлимлеме» каналы хабар берди.

Қарарға муўапық, 2019-жыл 1-июльден баслап Айрықша жағдайлар министрлиги  қурамында Еситиўинде ҳәм сөйлеўинде кемшилиги болған шахсларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў диспетчерлик хызмети шөлкемлестириледи.

Еситиўинде ҳәм сөйлеўинде кемшилиги болған шахслар, сондай-ақ олардың ўәкиллери тәрепинен техникалық қураллар (видео қоңыраўлар, текстли хабарлар, арнаўлы программалық тәмийнаттан пайдаланған ҳалда қоңыраўлар ҳәм басқалар) арқалы болатуғын мүрәжатларға қыстаўлы оператив хызметлердиң (101, 102, 103, 104, 1050) күни-түни, тез жуўап бериўин тәмийинлеў диспетчерлик хызметиниң тийкарғы ўазыйпасы болып есапланады.

Сондай-ақ, қарарға муўапық еситиўинде ҳәм сөйлеўинде кемшилиги болған шахслардың жеке мағлыўматларының электрон базасы жаратылады.

2019-жыл 1-июльге шекем еситиўинде ҳәм сөйлеўинде кемшилиги болған шахсларға қыстаўлы оператив хызметлер арқалы өз-ара бирге ислесиў, соның ишинде, мобиль байланыс сервислеринен пайдаланыў бойынша бийпул хызмет көрсетиў имканиятын беретуғын мәлимлеме системасы енгизиледи.

ӨзА