Майып перзентин тәрбиялаў нәтийжесинде пенсия ушын жетерли мийнет стажына ийе болмаған аналарға енди напақа төленеди.

 Ҳүкиметтиң айырым қарарларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди (229-санлы, 18.03.2019ж.). Бул ҳаққында «Ҳуқықый мәлимлеме» каналы хабар берди.

Киргизилген қосымшаларға муўапық, ендигиден былай тийисли мийнет стажына ийе болмаған балалықтан майыплығы болған перзенти бар аналарға олар 55 жасқа шыққанында социаллық напақа тайынланады.

Бул напақа баланың майыплығы ҳаққында Медициналық-мәсләҳәт комиссиясының медициналық жуўмағы ямаса мағлыўматнамасы тийкарында тайынланады.

Нызамшылыққа муўапық, I ҳәм II топар майыпларға, жасқа байланыслы ямаса бағыўшысын жойытқанлығы напақасы  тайынланған напақа алыўшыларға, егер оларға ҳақы төленетуғын жумысты орынлаўы ямаса дәраматтың басқа дәрекке ийе болыўы мүнәсибети менен напақа төлеў тоқтатылатуғын еди.

Қарар менен биргеликте бул тәртип бийкар етилди, яғный напақа алыўшы басқа дәрамат келтиретуғын жумыс пенен шуғылланыўы ямаса шуғылланбаўына қарамастан напақа төлеў даўам еттириледи.

ӨзА