«Ишонч» газетасының бас редакторы Ҳусан Эрматов аўқам баслығынан не ушын редакцияларға турақ жайға мүтәжлиги бар журналистлердиң аты-фамилиясын сорап мүрәжат етилмегени менен қызықсынды.

Бурын хабар бергенимиздей, бүгин «Өзбекстан 24» радиоканалында Журналистлер дөретиўшилик аўқамының баслығы Саьдулла Ҳаким менен тиккелей интервью болып өтти.

Өзбекстан журналистлери дөретиўшилик аўқамының баслығы «Өзбекстан 24» каналында Президент қарары тийкарында белсенди ҳәм турақ жайға мүтәжлиги бар журналистлер қашан турақ жай менен тәмийинлениўине байланыслы сораўларға жуўап берди.

Аўқам баслығы Саьдулла Ҳакимниң сөзлерине қарағанда, белсенди ҳәм турақ жайға мүтәжлиги бар журналистлерди турақ жай менен тәмийинлеў Ташкент қаласында Ташкент қаласы ҳәкимлиги ҳәм басқа мәмлекетлик уйымлар менен биргеликте шешилетуғын мәселе. Ҳәзирги ўақытта қайсы ҒХҚ да ислеп атырған, қанша журналист Президент қарарына байланыслы турақ жай менен тәмийинленетуғыны елеге шекем мәлим емес ҳәм дизим исленбеген.

«Ишонч» газетасының бас редакторы Ҳусан Эрматов аўқам баслығынан не ушын редакцияларға турақ жайға мүтәжлиги бар журналистлердиң аты-фамилиясын сорап мүрәжат етилмегени менен қызықсынды. Усы мәселе бойынша жумысты созып атырған уйымларды сорастырыў ушын журналистлерди тартыўды сорады. Бирақ тиккелей эфир даўамында Саьдулла Ҳакимов тәрепинен анық қайсы машқала себеп болып турақ жай мәселеси шешилмей атырғаны ҳәм дизим бойынша тыянақлы жуўап болмады.

ӨзА