Ташкент қаласында 15-март күни Орайлық Азия биринши экономикалық форумы болып өтти.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен дәслепки рет шөлкемлестирилген бул ири форумда Өзбекстан, Қазақстан, Тәжикстан, Қырғызстан ҳәм Түркменстан ҳүкиметлериниң ўәкиллери регион мәмлекетлери арасында экономикалық бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў, өз-ара саўда көлемин ҳәм туризмниң тартымлылығын арттырыў мәселелерин додалады.
Форумның ашылыўында Орайлық Азия мәмлелекетлеринде экономикалық турақлылықты ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў, экспортты диверсификациялаў, жетекши тармақларда технологиялық ҳәм инновациялық шешимлерди табыў сыяқлы әҳмийетли мәселелерди шешиўде регионаллық бирге ислесиўди күшейтиў зәрүрлиги атап өтилди.
– Кейинги жылларда Орайлық Азияда өз-ара исеним ҳәм жақсы қонсышылық қатнасықлары күшейди, – деди Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Э.Ғаниев. – Транспорт-коммуникация, энергетика тараўларындағы байланыслар раўажланбақта. Атап айтқанда, 2018-жылы регионда өз-ара товар алмасыў көлеми 35 процентке өскен. Соған қарамастан, саўда-экономикалық тараўда ерисилген нәтийжелер мәмлекетлеремиздиң потенциалына сай емес.
Атап өтилгениндей, регион мәмлекетлери алдында саўда-экономикалық байланысларды буннан былай да беккемлеў, транзит имканиятларын кеңейтиў ҳәм транспорт орайларын раўажландырыў ушын және де қолайлы шараят, зәрүр инфраструктураларды жаратыў сыяқлы ўазыйпалар турыпты.
Форумда регион мәмлекетлерине теңиз портлары ҳәм халықаралық базарларға шығыў имканиятын беретуғын транспорт және логистика системаларын жетилистириў, бар туристлик потенциалдан нәтийжели пайдаланыў есабынан туристлик тармақтың экономикадағы үлесин арттырып барыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
– Регион мәмлекетлери басшыларының басламасы менен халықаралық транспорт жолларын кеңейтиўге байланыслы ҳәрекетлер жеделлести, – деди Түркменстан финанс ҳәм экономика министриниң орынбасары Э.Аннамуҳаммедов. – Соның менен бирге, Орайлық Азия арқалы өтетуғын халықаралық транспорт жоллары да шөлкемлестирилмекте.
2017-жылы Аўғанстан, Түркменстан, Әзербайжан, Грузия ҳәм Түркия «Ложувард» транспорт жолын жаратыў ҳаққындағы келисимге еристи. Оған муўапық, автомобиль ҳәм темир жоллары арқалы Торкунди қаласы (Аўғанстан) Ашхабад ҳәм Түркменбаши қалалары менен байланысады. Усы тәризде жол Европаның транспорт системасына жалғанады.
Форумның сектор мәжилислеринде көп тәреплеме саўда-инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиў, Орайлық Азияның туристлик тартымлылығын, транспорт ҳәм транзит потенциалын арттырыў бойынша усыныслар үйренилди. Атап айтқанда, Өзбекстан тәрепи Орайлық Азияда «Шенген», «Жипек жолы» визаларын енгизиў ҳаққындағы басламаны алға қойды. Қазақстан ўәкиллери регионда инвестициялық орталықты жақсылаў, космослық тараўдағы бирге ислесиўди жолға қойыў усынысын билдирди.
– Глобаллық экономикада саўда урыслары ҳәўиж алып атырған бүгинги күнде Орайлық Азия мәмлекетлери, дәслеп, регионаллық инвестиция орталығын жақсылаў стратегиясын ислеп шығыўы керек, – деди Қазақстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ж.Касимбек. – Бул ўазыйпа регионның халықаралық саўда имканиятларын арттырыў бойынша анық илажларды белгилеп алыў имканиятын да береди.
Форумда региондағы бар еркин экономикалық зоналарда қоспа инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў, экономиканың жетекши тармақларында қоспа кәрханалар ашыў, халықаралық транспорт жолларын кеңейтиўге қаратылған басламалар алға қойылды.
Орайлық Азия биринши экономикалық форумы шеңберинде регион мәмлекетлери исбилермен топарлары кооперациялық биржасы, сондай-ақ, «Өзэкспоорай»да миллий өнимлерди ислеп шығарыўшылардың көргизбеси шөлкемлестирилди.
Форумның жуўмағы бойынша тәреплер биргеликтеги билдириўге қол қойды.
Малоҳат ҲУСАНОВА,
ӨзАның хабаршысы