Биз ҳәммемиз тутыныўшымыз. Ҳәр күни зәрүрлигимизден келип шығып, товар ҳәм өнимлерди сатып аламыз. Ҳәр қыйлы хызметлерден пайдаланамыз. Бул болса, ең дәслеп, нызам менен қорғалатуғын ҳуқықларымызды терең билиўди ҳәм әмелде қоллана алыўды, екиншиден, күн сайын раўажланып баратырған тутыныў базары шараятында тараўға байланыслы нызамшылықты жетилистирип барыўды талап етеди.

АҚШ президенти Жон Кеннеди Конгресстиң 1962-жыл 15-март күни өткерилген мәжилисинде шығып сөйлеп, тутыныўшылардың мәплерин қорғап шығады ҳәм олардың тийкарын өз ишине алған декларацияға қол қояды. 1983-жылдан берли усы сәне пүткил дүньяда «Халықаралық тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў күни» сыпатында кең түрде белгиленип келмекте.

– Бизиң елимизде де тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларының бири етип белгиленген болып, Конституциямыздың 53-статьясында тутыныўшылардың ҳуқықлары үстинлиги принципи өз сәўлелениўин тапқан,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери Федерациясының қәнигеси Э.Ибраймова.

Яғный, ислеп шығарыўшы (орынлаўшы, сатыўшы) ҳәм тутыныўшы мәплери бир-бирине қайшы келгенде үстинлик тутыныўшы тәрепте болады. Басқаша етип айтқанда, тутыныўшы бәрқулла ҳақ.

Елимизде тутыныўшылардың ҳуқықын қорғаў менен шуғылланатуғын жәмийетлик шөлкемлердиң раўажланыўына айрықша итибар қаратылмақта. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2002-жыл 28-ноябрьдеги «Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаўда жәмийетшиликтиң қатнасын кеңейтиў илажлары ҳаққында»ғы қарары усы тараўдағы жумыслардың тийкарғы бағдары болып хызмет етпекте.

Тутыныўшының ҳуқықы бузылған жағдайда, ең дәслеп кешиктирмей, аўызеки ямаса жазба түрде кәрхананың лаўазымлы шахсына мүрәжат етиўи керек. Мәселен, секция, бөлим, дүкан баслығы, оңлаў устаханасы, хызмет көрсетиўши кәрхана басшысына. Сонда да ҳуқықлары тикленбесе, ол тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳаққындағы нызамшылыққа бойсыныўды қадағалаўды әмелге асыратуғын ўәкилликли структураларға, жергиликли ҳәкимият уйымлары ямаса судқа мүрәжат етиў ҳуқықына ийе.

Тутыныўшылардың ҳуқықлары менен мәплерине кепиллик беретуғын нызамшылық базасы жаратылғанлығына қарамастан, елеге шекем сапасыз товарларды сатыў, талапқа жуўап бермейтуғын хызметлерди көрсетиў сыяқлы жағдайлар ушыраспақта.

Қарақалпақстан Республикасы Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери Федерациясы ҳәм оның район (қала)лық жәмийетлерине усы жылдың 1-мартына шекем пуқаралардан жәми 118 арза ҳәм шағымлар келип түсти. Солардан, денсаўлықты сақлаў, коммуналлық хызмет бойынша еки мүрәжаттан келип түскен болса, 27си саўда, 13и газ тәмийнаты, 10ы суў тәмийнаты, 14и электр тәмийнаты, үшеўи байланыс, сегизи транспорт тараўы ҳәм 39ы басқа тараўлар бойынша келип түскен мүрәжатлар болып есапланады. Тутыныўшыларға жеткерилген жәми 280 миллион 218 мың 594 сумлық зыян қайта есапланған.

Бир сөз бенен айтқанда, мәмлекетимизде тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаўдың нәтийжели усыллары қолланылмақта. Конституция ҳәм нызамларда белгиленген нормалар усы бағдардағы жумыслардың нәтийжелилигин арттырыўда әҳмийетли фактор болмақта. Булардың барлығы елимизде инсан мәплерин тәмийинлеў, тутыныў мәдениятын көтериўге хызмет етеди.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.