Жеңил салмақ категориясы бойынша UFC чемпионы болып турған россиялы Ҳабиб Нурмагомедов сентябрь айында октагонға қайтады. Бул ҳаққында Матч-ТВ каналы хабар берди, деп жазады Оламспорт басылымы.
– Мен, Зубайра Тухугов ҳәм Абубакар Нурмагомедов сентябрь айында жекпе-жек өткеремиз. Бул анық. Ҳәзирше қарсыласларымыздың ким болыўы белгисиз, – дейди Ҳабиб Нурмагомедов.
Еслетип өтемиз, Ҳабиб Нурмагомедов Невада штаты спорт комитети тәрепинен 9 айға шетлетилген еди. Ол июль айында жекпе-жек өткериўине болады. Сол ўақытта оның дисквалификациясы жуўмақланады. Бирақ, Зубайра ҳәм Абубакар бир жылға шетлетилген. Ҳабиб оларсыз жекпе-жек өткермекши емес.
Қарақалпақстан хабар агентлиги