Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында «8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни» байрамы мүнәсибети менен «Zum Frauentag» кешеси болып өтти.

Институттың шет тиллери факультети немис тили кафедрасы тәрепинен шөлкемлестирилген байрамда мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультетиниң қәбилетли студентлери белсендилик көрсетти.

Кешеде студент-жаслар немис халқының миллий қосықлары, аяқ-ойынларын атқарып, немис тилиндеги нақыл-мақаллар, жумбақлар берип, кеше мийманлары арасында ҳәр қыйлы ойынларды өткерди, сондай-ақ, өзлериниң немис тили бойынша ийелеген көнликпелерин немис тилиндеги халық ертегин сахналастырып, көрсетип берди.

Байрам кешесинде көп миллетли мәмлекетимиздеги ҳәр қыйлы халықлардың көркем өнер үлгилери сахналастырылды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.