Люксембург Уллы Герцоглигиниң сыртқы ҳәм Европа ислери бойынша министри Ж.Ассельборн басшылығындағы делегация елимизде болды.

Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлигинде делегация ағзалары менен ушырасыў болып өтти.

Транспорт министриниң биринши орынбасары Илҳам Маҳкамов мийманларды қутлықлап, елимизде әмелге асырылып атырған реформалар, Орайлық Азия регионында транспорт-логистика тараўын раўажландырыў бағдарында Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламалары ҳаққында айтып берди. Министрликтиң жумысы, структуралық қурамы, мақсети ҳәм ўазыйпалары менен таныстырды.

Сөйлесиў ўақтында транспорт-логистика, транзит тараўындағы бирге ислесиў Өзбекстан ҳәм Люксембург мәплерине бирдей хызмет ететуғыны атап өтилди.

Бүгинги күнге шекем Өзбекстан ҳәм Люксембург арасында тиккелей авиақатнаўлар әмелге асырылмағанлығын атап өтиў керек. 2018-жылдың сентябрь айында Ташкентте болып өткен «Орайлық Азия халықаралық транспорт коридорлары системасында: стратегиялық перспективалар ҳәм пайдаланылмаған имканиятлар» темасындағы халықаралық конференция шеңберинде еки мәмлекет авиа администрациялары «Наўайы» халықаралық интермодал логистика орайы арқалы коммерциялық қатнаўларды әмелге асырыў имканиятларын додалады.

Сөйлесиўлердиң жуўмағы бойынша бул тараўдағы бирге ислесиў жойбарларын ислеп шығыўға келисилди.

Транспорт министрлигинде Люксембург делегациясы менен шөлкемлестирилген ушырасыў ўақтында еки мәмлекеттиң авиация администрациялары арасында ҳаўа қатнаўы ҳаққында протоколға қол қойыў мәресими болып өтти.

Ҳүжжет мәмлекетлеримиз арасында жүк, жолаўшы тасыў ҳәм чартер рейслерин әмелге асырыўды ҳуқықый тәртипке салыўға хызмет етеди. Люсембургтың «Cargolux» авиакомпаниясы ушын 2020-жылдан Азия еллерине жүк тасыўдағы транзитлерди «Наўайы» халықаралық интермодал логистика орайы арқалы әмелге асырыў имканиятларын жаратады.

 

Улуғбек ШОНАЗАРОВ,

ӨзАның хабаршысы