Елимизге бәҳәр мәўсиминиң кирип келиўи бәршеге өзгеше кейпият инәм етеди. Пасыллар алмасыўы художниклерге де айрықша илҳам бағышлайды.
8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни байрамы мүнәсибети менен усы жыл 5-март күни Өзбекстан көркем өнер Академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң көргизбе сарайында жас талантлы қызлардың дөретпелеринен ибарат көргизбе ашылды.
Онда республикамыздағы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплери тәрбияланыўшыларының сүўретлеў ҳәм әмелий қол өнери үлгилеринен ибарат дөретпелер орын алған.
Көргизбеде 65 талантлы қыздың 117 дана графикалық, живопись усылында исленген жумыслары менен бир қатарда кестешилик, тоқымашылық өнери үлгилери де қойылды.
Көргизбеден орын алған картиналар ишинде пайтахтымыздағы 1-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң оқыўшысы Асем Өтемуратованың «Автопортрет» атамасындағы жумысы майлы бояўлар арқалы қурамалы портрет жанрын сәўлелендирген болса, Нөкис қәнигелестирилген көркем өнер мектеби оқыўшысы Ҳүрлиман Наўрызбаеваның «Натюрморт» жумысында гуаш арқалы қуман ҳәм мийўелерди шебер сүўретлеп бериўи жыйналғанларда айрықша тәсир қалдырды. Графика усылында болса 22-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби оқыўшысы Динара Шәмшетованың «Ана меҳри», «Дәрўаз», «Баланы шомылдырыў», «Суўға барған қыз» картиналарында инсанлардың әжайып пазыйлетлери ашып берилген.
Көргизбеде орын алған жас талант ийелерине шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған «Ҳүрмет жарлықлар» тапсырылды.
Т.СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы
(Мақаланың сүўретлери ӨзА фотохабаршысы М.ҲАБИБУЛЛАЕВ тәрепинен түсирилди.)