Қанлыкөл районында 8-март-Халық аралық ҳаял-қызлар байрамы алдынан ҳәм шайыр Зульфияның туўылғанына 104 жыл толыўы мүнәсибети менен «Ҳаял – жәмийет көрки» атамасында әдебий әнжуман болып өтти.

 

Қарақалпақстан Республикасы Ҳаял-қызлар комитети жанындағы «Ижодкор аёл» бирлеспеси, Қанлыкөл районлық ҳаял-қызлар комитети ҳәм «Алтын мийрас» фондының Қарақалпақстан бөлими тәрепинен шөлкемлестирилген илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзасы, Қарақалпақстан халық шайыры Г.Аннақлычева, «Алтын мийрас» фондының Қарақалпақстан бөлими баслығы А.Сапарова ҳәм басқалар қатнасты.

Атап өтилгениндей, бүгин елимиздиң ҳәр бир ҳаял-қызы бахытлы, себеби, олардың ҳуқық және еркинликлери нызам менен беккемлеп қойылған. Ғәрезсизликке ерискен дәслепки жыллардан баслап шаңарағымыздың сүйениши, жәмийетимиздиң таянышы болған ҳаял-қызларымыздың мәплерин қорғаў мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарының бирине айланды. Соның менен бирге, олардың ҳуқықый, сиясий және экономикалық билимлерин жетилистириўге айрықша әҳмийет қаратылып келинбекте. Өз гезегинде, бундай айрықша итибар ҳәм ғамхорлыққа жуўап ретинде олар ғәрезсизлигимизди беккемлеў, елимизди буннан былай да раўажландырыў, мәмлекетлик және жәмийетлик басқарыў жумысларына ерлер менен бир сапта белсене қатнасып келмекте.

Илажда жәмийетимиздиң түрли салаларында жемисли мийнет етип, жетекшилик қәбилети ҳәм жәмийетлик-сиясий белсендилиги менен көзге түсип киятырған ҳаял-қызларымыздың өмир жолынан мысаллар келтирилип, олардың қатарын еле де кеңейтиў мәселеси сөз етилди.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.