Усы жыл 28-февраль күни Нөкис қаласының «Пидайы жаслар» патруль топары ағзаларына арнаўлы кийимлер тапсырыў салтанаты болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы С.Турманов, Нөкис қаласының ҳәкими П.Турешев, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри А.Темирханов, Миллий гвардия әскерий бөлиминиң командири М.Юсупов, Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң баслығы А.Даниров шығып сөйлеп, жаслар арасында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыў, «Қәўипсиз қала» концепциясы тийкарында жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша алып барылып атырған илажларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 4-декабрьдеги «Қарақалпақстан Республикасында жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм ҳуқықбузарлықлар профилактикасы системасының нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы бийлиги, 2018-жыл 24-декабрьдеги «Жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеўдиң нәтийжелилигин арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылған ислер нәтийжесинде республикамыз, соның ишинде, Нөкис қаласы аймағында жынаятшылықтың азайыўына ерисилди. Бул ислерге кең жәмийетшиликти тартыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги, Қорғаныў ислери басқармасы, Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бойынша  Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси, Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси менен биргеликте қабыл етилген қоспа қарар айрықша әҳмийетке ийе болды. Усы қоспа қарар негизинде республикамыздың барлық районларында «Пидайы жаслар» патруль топары дүзилип, олар Ишки ислер, Миллий гвардия хызметкерлерине жәмийетлик тәртипти сақлаўда жақыннан жәрдем бермекте.

-Бүгинги күни патруль топарына әскерий хызметти өтеп қайтқан, әскерий хызметке таярланып атырған,  ҳуқық қорғаў уйымларына жумысқа кириўге ҳүжжет тапсырып қойған, сондай-ақ, пуқаралар жыйынларынан жәмлеспеген алты жүзге шамалас жас қабыл етилген,-дейди Өзбекстан жаслар аўқамы Нөкис қалалық Кеңесиниң баслығы Азиз Пиржанов.-Алдағы мақсетимиз, олардың қатарын еле де көбейтиў, солай етип, пуқараларымызды, соның менен бирге жасларымызды «Мениң мәҳәллемде жынаят болмаўы тийис» деген мақсет әтирапына жәмлестириўден ибарат.

Илаж соңында Нөкис қаласы «Пидайы жаслар» патруль топары ағзаларына арнаўлы кийимлер, жаслар арасында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыўдағы белсендилиги ушын бир топар жасларға, Ишки ислер, Миллий гвардия хызметкерлерине Ҳүрмет жарлықлары тапсырылды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.