Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслары, алып барылып атырған реформалар процеси, ири жойбарлар менен танысыў ҳәм халық пенен пикирлесиў мақсетинде 2019-жыл 28-февраль күни Наманган ўәлаятына барды.

Мәмлекетимиз басшысы 2018-жыл 2-3-май күнлери ўәлаятқа сапары даўамында берген тапсырмаларды орынлаў бағдарында бир қатар жумыслар әмелге асырылды.

Президентимиздиң 2018-жыл 2-июльдеги «Наманган ўәлаятында киши санаат зоналарын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарары ҳәм тапсырмасы тийкарында Наманган қаласында 6 киши санаат зонасы шөлкемлестирилди. Ҳәзирги ўақытта исбилерменлердиң басламасы менен киши санаат зоналарында улыўма нырқы 1 триллион 229 миллиард сумнан зыят 211 жойбар әмелге асырылмақта. Дерлик 124 гектар майданды ийелеген «Орзу», «Пахталиккўл», «Юксалиш», «Хонабад», «Машад», «Зарбдор» киши санаат зоналарында режелестирилген барлық жойбарлар толық қуўатлылық пенен иске түскеннен соң, 16 мыңнан аслам жумыс орынлары жаратылады.

Соның ишинде, 10 гектарға шамалас майданда дүзилген «Орзу» киши санаат зонасында улыўма нырқы 142,3 миллиард сумлық 22 жойбарды әмелге асырыў ҳәм оларда 2 мың 250 жумыс орны жаратыў нәзерде тутылған. Бүгинги күнде бул жерде жумысын толық жолға қойған 12 кәрханада 900 адам жумыс пенен тәмийинленген.

«Боссер Текстил сервис», «Идеал Текстил Орзу», «Суғдиёна файз текстил», «Нуробод сифат текстил», «White gold towel textile», «Нуробод сифат текстил», «Порлоқ текстил либослари», «Авазхон келажак» сыяқлы тигиўшилик ҳәм тоқымашылық өнимлерин ислеп шығарыўға қәнигелестирилген  кәрханаларда 20 дан 300ге шекем халық турақлы жумыс орнына ийе болды. «Орзу» киши санаат зонасындағы «Кварц саноат» кәрханасында сумка, «Улуғ-Б» кәрханасында полиэтилен өнимлери, «Мега эко пласт» кәрханасында полиэтилентерефталат гранулаларын ислеп шығарыў, «Перфект фрутис», «Артел» кәрханасы өнимлерин жеткерип бериў, «Универсал Фуд Траде» тәрепинен мийўе-овощты сақлаў ҳәм қайта ислеў жумысы жолға қойылып, жүзлеген жумыс орынлары жаратылды. Бул жоқарыдағы жойбарларды дәслепки басқышында ерисилген нәтийжелер екени ҳәм олар толық қуўатлылық пенен жумыс баслағаннан соң, жумыс орынларының саны және еки есеге артыўын атап өтиў керек. Сондай-ақ, усы жылдың биринши ярымында «Орзу» киши санаат зонасында және 10 жойбар иске түсирилип,  1 мың  700 жумыс орны жаратылады.

«Орзу» киши санаат зонасында жумыс алып барып атырған «Идеал Текстил Орзу» ЖШЖ нырқы 22 миллиард сумлық жойбар әмелге асырылып ер адамлар ушын костюм ҳәм басқа да мәўсимге сай курткалар ислеп шығарыў жолға қойылды. Жылына 250 мың дана ҳәрқыйлы ассортименттеги кийим-кеншек ислеп шығарыў қуўатлылығына  ийе кәрханада таярланған липаслардың 60 проценти сыртқы базарға шығарылыўы нәзерде тутылған.

«Пахталиккўл» киши санаат зонасында улыўма нырқы 41,5 миллиард сумлық 15 жойбарға муўапық, 1 мың 220 жумыс орнын ашыў режелестирилген.  Ҳәзир киши санаат зонасында 7 жойбар тийкарында иске түсирилген «Истиқбол пойабзал савдо», «Исоқжонов Мирзоҳид», «Маржон», «Ҳабиб ҳамкор бизнес», «Темирпўлат дизайн», «Оташ қурилиш инвест» сыяқлы кәрханаларда 200 ге шамалас жаңа жумыс орны жаратылды.

«Юксалиш» киши санаат зонасында әмелге асырылыўы режелестирилген улыўма нырқы 881,7 миллиард сумлық 7 мың 200 ден аслам жумыс орнын жаратыў имканиятын беретуғын 70 жойбардан 22 си әмелиятқа енгизилди. Нәтийжеде аймақта шөлкемлестирилген кәрханаларда 500 қәниге жумыс пенен тәмийинленди.

Жумыс орынларын шөлкемлестириў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде ўәлаятта  2018-жыл даўамында Президентимиздиң 2018-жыл 3-февральдағы «2018-жылы халықтың бәнтлигине көмеклесиў Мәмлекетлик бағдарламасын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында барлық бағдарларда 22  мың 506, өткен жылы Наманган ўәлаятына сапары шеңберинде қабыл етилген бағдарлама тийкарында 48 мың 782 жумыс орны жаратылды.

Президентимиздиң тапсырмасы тийкарында ҳәзирги ўақытта Корея Республикасының «Hyundai Motor», «Evergreen Motors» ҳәм «Posco-Daewoo corporation» компаниялары менен биргеликте Тўроқўрғон районында «Hyundai» коммерциялық автомобильлер ислеп шығарыў заводы қурылысы даўам етпекте. Усы жылдың сентябринде өним ислеп шығарыўды баслайтуғын бул кәрханада дәслеп жылына 400 киши жүк машиналары, микроавтобуслар және автобуслар ислеп шығарылады. Дәслепки басқышта кәрханада 1000 адам жумыслы болады.

Мәмлекетимиз басшысы Наманган ўәлаятына сапары даўамында әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслар ҳәм перспективалы жойбарлар, жаңа санаат кәрханалары, энергетика ҳәм туризм объектлери менен танысыў режелестирилген.

Акромжон САТТОРОВ,

ӨзА