Нөкисте «Пуқаралар жыйыны баслығының жумысын нәтийжели шөлкемлестириў» атамасында оқыўәмелий семинар болып өтти.

Илажда Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығының биринши орынбасары Т.Романов, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң профессоры, юридика илимлериниң докторы З.Реймова ҳәм басқалар шығып сөйлеп,  «Пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы)н сайлаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамы ҳәм басқа да ҳүжжетлердиң мазмун-мәниси, усы ҳуқықый ҳүжжетлерге киргизилген өзгерислер,  болажақ сайлаўларға таярлық жумысларының барысы ҳәм алда турған ўазыйпаларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, бүгинги күни мәҳәлле-пуқаралардың өзин-өзи басқарыўдың ҳақыйқый  халықшыл институты сыпатында жәмийетимизден беккем орын ийеледи.  Сайлаў процесиниң жетилистирилиўи болса, пуқаралар жыйынлары басшыларының мәмлекетлик уйымлардан бийғәрезлигин тәмийинлеўге, кадрлар потенциалының ҳәм мәҳәлле институты жумысының нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған.

Семинарда республикамыз бойынша 411 пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы)н сайлаў процесине пуқараларды, соның ишинде, жаслар ҳәм ҳаял-қызларды кеңнен қатнастырыў, олардың нызам ҳүжжетлеринде белгиленген ашық-айдынлық принципине толық әмел етиўин тәмийинлеў бойынша пикир алысыўлар болды. Пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы) лаўазымына көрсетилетуғын талабанларды пуқараларға толық таныстырыў, болажақ сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериўдеги ең әҳмийетли талаплар менен анық мақсетке қаратылған ўазыйпалар додаланды.

Нызамға муўапық, пуқаралар жыйыны баслығының (ақсақалының) ўәкиллик мүддети еки ярым жылдан үш жыл етип белгиленди. Сондай-ақ, сайлаў жасырын  даўыс бериў жолы менен өткерилип, пуқаралардың ең кем ўәкиллик нормасы сайлаўда қатнасыў ҳуқықына ийе болған пуқаралардың 12 процентинен аз болмаўы кереклиги белгилеп қойылды.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 15-февральдағы «Пуқаралар жыйынларының баслықлары (ақсақаллары)н сайлаўға таярлық көриў ҳәм өткериў ҳаққында»ғы қарары менен тастыйықланған илажлар режесинде белгиленген ўазыйпалар көрип шығылды.

Семинар қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги