USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Сийшемби, 19 Ноябрь

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

БӘҲӘР КЕЛИП СЕНИ ЖОҚЛАДЫ

   1-март — Зульфия туўылған күн

   БӘҲӘР КЕЛИП СЕНИ ЖОҚЛАДЫ

               (Ҳәмид Әлимжанға)

 

Салқын саҳраларда, бадам гүлинде.

Бинәфша ләбинде сайларда бәҳәр,

Самал желисинде, қуслар тилинде,

Мақпал ойпатларда, қырларда бәҳәр…

 

Баўырым, сүйер едиң бәҳәрди сондай,

Ерик гүллерине қумарттың әбден.

Ағаш бүртик жарса, шешең туўғандай,

Көзлериңе сүртип өбер едиң сен.

 

Және бәҳәр келип, мине, әзийзим,

Сени таба алмай ақылдан састы.

Қыстың жағасынан тутты «қайда?» деп,

Егил-тегил жылап қыс кейин қашты.

 

Таң самалы болып желпип жериңди,

Сен жүрген бағларды қыдырды тынбай.

Сениң жақсы көрген сүўретлериңди,

Жасыл далаларға салды шаршамай.

 

Сени таба алмай даўыл болды да,

Дүзге алып қашты бәҳәр өз басын.

Фархад таўларына жетип барды да,

Тик жардан сайларға аўнатты тасын.

 

Жайлаўларға шығып көп шопанларды,

«Шайыр қаяқта» деп тергеди барып.

Үнсиз муңайғанын көрип олардың,

Бәҳәр қайтып келди шаршап – шалығып.

 

 

Соңынан нур болып айнаңнан кирип,

Ҳүлкәр ҳәм Аманның сүйди жүзинен.

Ыссы көз жасымды жүзден кептирип,

Әсте хабар берди маған өзинен.

 

Бирақ өз уяңнан сени таба алмай,

Бир ноқатқа узақ тигилип қалды.

Және самал болып ғыр-ғыр айланып,

Мени бар азаплы тергеўге алды׃

 

 

«Қәне, мен келгенде қушағын керип,

Йошы дәрьядайын аққан сол шайыр?

«Мениң бахтым бар ма?»деп сораў берип,

Жүзиме телмирип баққан сол шайыр?

 

Ерик гүллерине дөнбейди неге,

Самалға сүйдирип ол буйра шашын?

Неге мен әкелген шоқ әндийшеге,

Шықпас нәше етип жайып қулашын?

 

Шығысқа суқланып таң шағларында,

Ол тербетер еди кең қыялымды.

Оның рәң-бәрең қосықларында

Бәрҳә көрер едим өз жамалымды.

 

Қайда сол сазендем, жигитим ғошшақ,

Неге көз жас төгип, ҳәсирет шегесең?

Неге қара кийдиң, шашларыңда ақ,

Бул бәҳәрде қайғылысаң неге сен?»

 

Ҳеш бир жуўап таппай мен қалдым турып,

Соңынан оны ертип келдим қасыңа.

Бәҳәр мениң менен бирге қайғырып,

Жамғырдан жас төкти қәбириң тасына.

 

Ҳәм қайғыңа төзбей көшти дараққа,

Бүртиклерди жарып, айтты муңларын.

Кеўли қарар таппай шаўып жән-жаққа,

Ашты қан жылатып гүл-ғумшаларын.

 

Ерик гүллериниң аңқып әтири,

Әтирапта жаңлады сениң қосығың.

Бүртиклер жамырасып «тири ол, тири!»

Дегендей болады оған қосып үн.

 

Ҳәр келгенде бәҳәр излесе, сонда

Өлди деп боларма шайырдың өзин?

Ақшам түслеримде, күндиз ядымда,

Ҳәр алған демимде барсаң, әзийзим!

 

 

         ЕРИК ГҮЛЛЕГЕНДЕ

 

«Әйнегимниң, алдында бир түп,

Ерик аппақ болып гүлледи»…

Ол оятты қайғымды түртип,

Гүл емес, бул дәртлерим еди.

 

Сум айралық — мийрими жоқ жаў,

Жалын екен жанды шарпыған.

Сен сығалап турғандайсаң-аў,

Гүллеп турған ерик артынан.

 

Әйнегиниң алдында бир түп,

Ерик өскен бул муңлы жайда,

Тағы түнеп қалдым мен келип,

Көз алдымда сен болдың пайда.

 

Биз екеўмиз бир гезде жасаған,

Жайдың босағасын атларда,

Татлы түстей елеслеп маған,

Татлы шағлар түсти ядларға.

 

Сонша ысық, сонша ләззетли,

Жаслығымыз өткен бул тар жай.

Бунда жасар шын муҳаббетли,

Сезимлерден туўылған шырай.

 

Ҳәр мүйеши мени елитип,

Қыялымның шертеди тарын.

Көз алдымда, өзиңди умытып,

Қосық жазып отырғанларың.

 

Көз алдымда׃ гүлдиң хош ийисин

Сен қызғанып самалдан, жаным,

Ҳеш уйықлатпай илҳам перисин,

Түни менен қәлем тартқаның.

 

Оқыйтуғын едим-аў мен де,

Шөлимди басып ҳәр қатарынан.

«Унағай да қосығым» дегендей,

Сен телмирер едиң-аў маған.

 

 

 

 

Бир уллылық мийрим барқ урған,

Сонда жүзиңдеги күлкини, —

Алмастырмас едим-аў ҳаслан,

Пүткил дүньяның бай мүлкине!

 

Бәри-бәри ышқындай тири,

Ҳәмме жерде көринер изиң,

Ызылдаса пал ҳәррелери,

Еситилер даўысың, сөзиң.

 

Дәртиң мени лапылдап турған,

Сағыныш тандырына таслады.

Таң саз берип, мине, шығыстан,

Алтынланды терек баслары.

 

Өзиң сүйип жырлаған ерик,

Ақшам аппақ гүлге бөленди.

Сен туўралы қыялға шүмип,

Жалғыз үйге қайтым мен енди.

 

 

 

Ибрайым ЮСУПОВ аўдармалары