USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Сийшемби, 19 Ноябрь

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ҚӘЛЛИБЕК КАМАЛОВ: «ӨЗБЕК МӨЖИЗАСЫ – АРЗЫЎ ЕМЕС, ШЫНЛЫҚ»

Бернард Шоудың пикиринше, кексе жастағы турмыс тәжирийбеси менен жаслық ғайратын өзинде жәмлеўден басқа, дурыс жол жоқ. Бүгинги – сәўбетлесимиз Қәллибек Камалов та бул ҳақыйқатты өмир философиясы, деп есаплайды.

Ҳәзирги ўақытта бул инсан тоқсан жастан асқан. Шерек әсир даўамында Қарақалпақстан Республикасына басшылық еткен, бир қатар жуўапкершиликли ўазыйпаларда ислеген. «Пахта иси» деген бәле оны да шетлеп өтпеди. Қаншелли мазмунлы өмир жолы  ҳәм үлкен тәжирийбеге ийе болмасын, елеберин жаслардай күш-ғайратлы. Күшти болса, өзи айтқандай, әтирапта жүз берип атырған өзгерислерден алмақта. Реформалар барысын бақлап, хеш бир әҳмийетли ўақыяны өткерип жибермеўге ҳәрекет етеди.

– Билесиз бе, ўақыт деген түсиниктиң өзи өзгерип бармақта, – дейди Қ.Камалов. – Буны елимиз мысалында айқын көриў мүмкин. Кейинги еки жыл даўамында Өзбекстан басып өткен жол бир неше он жыллыққа татыйды. Өйткени, елимизди ҳәм жәмийетти раўажландырыўдың тийкарлары қәлиплести. Қоңсылас республикалар менен дослық байланысларымыз және тикленди. Россия, Америка Қурама Штатлары, Қытай, Германия, Ҳиндстан сыяқлы дүньядағы ири мәмлекетлер де биз бенен бирге ислесиўден мәпдар.  Сондай-ақ, пуқаралардың машқалаларын шешиў механизми жаратылды.

Бул реформалар Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен әмелге асырылмақта. Мен ҳәр қыйлы дәўирлерде жасадым, иследим. Сол ўақытта Усман Юсупов, Шараф Рашидов сыяқлы атақлы тулғалар жумыс алып барды. Бирақ Өзбекстанның жаңа тарийхында усындай қысқа мүддетте пүткил дүнья тән алған ҳәм халық исенетуғын жетекши болған емес. Виртуал қабыллаўхана ҳәм Халық қабыллаўханалары арқалы халықтың ғам-тәшўишинен хабардар болып, оның менен мәсләҳәтлесетуғын, пуқаралардың пикирине қулақ салатуғын басшы да ушыраспаған. Мен 18 мәмлекетке барғанман, бирақ халықтың буншелли қоллап-қуўатлаўын, адамлар менен ашық ҳәм жыллы қарым-қатнасты ҳеш жерде көрмегенмен. Көпшилик сондай пикирде. Мәселен, 40 мәмлекетте ҳәм АҚШтың барлық штатларында болған Өзбекстан халық артисти Изро Малаков та меникиндей пикир билдирди.

– Бүгинги күнде турмыс қаншелли тез өзгерип атырғанын көриў, салыстырыў ушын узақ жерлерге барыўға зәрүрлик қалмады. Қарақалпақстанда да жумыслар қызғын, Мойнақ болса бул жумыслардың орайында.

– Ҳақыйқатында да ҳәзир Аралбойы аймағы пүткил дүнья жәмийетшилигиниң итибарында, десем, алжаспайман. Шавкат Мирзиёевтиң БМШ Бас Ассамблеясындағы сессиясында шығып сөйлеген сөзи, ондағы Арал машқаласын бир жағадан бас шығарып шешиўге қаратылған шақырық үлкен дөритиўшилик жумысларға түртки болды. Бул идеяны ҳәмме бирдей қанаатланыўшылық пенен қабыл етти ҳәм қоллап-қуўатлады. Әйне усы жағдай болса сөзлерден әмелий иске өтиўдей узақ күтилген ўақыя болды.

Қабыл етилген қарарлар Мойнақ ушын өмир бағышлаўшы жол болды. Себеби бир ўақытлары бул жерден ҳәмме көшип кетиўди баслаған, тек ғана 13-14 мың халық қалған еди. Ҳәзир болса 30 мыңға жақын адам жасамақта. Бул жерде аэропорт, стадион, спорт комплекси, амфитеатр ҳәм басқа да объектлер пайда болмақта, инфраструктура қайта тикленип, исбилерменлик раўажланбақта, аймақлардың инвестициялық тартымлылығы да артпақта. Адамлардың өзинде күнделикли турмысын жақсылаў, жанажан үлкениң гүллеп-жаснаўына үлес қосыў тилеги күшейди. Бунда болса теңиздиң қурыған ултанын көклемзарластырыў мақсетинде өткерилип атырған көмекке барлық ўәлаятлардан келген жерлеслеримиз жәрдем бермекте. Бул саўаплы ис-ҳәрекетлерди тәбияттың өзи де мисли қоллап-қуўатлағандай. Дәлил – үлкен көлемдеги жер асты суўларынан табылған таза ишимлик суўы жақында булақ болып атылып шыққаны!

Бундай дөретиўшилик процесстен шетте турыўдың өзи мүмкин емес. Кетпен көтеретуғын жаста болмасам да күш-қуўатымның барынша ҳәрекет етип атырман. Бир неше миллион сумлық азық-аўқат өнимлерин сатып алып, Мойнақта мийнет етип атырғанлар ушын гөш, гүриш, нан жиберип атырман. Басқа журтласларымыз да усылай ислеп атырғанына, ийманым кәмил.

Мәмлекетимиз басшысы бәрқулла ветеранларға ҳүрмет-итибар менен қатнаста болады. Ўәлаятларға барғанында ақсақаллар менен сәўбетлесип олардың пикирине қулақ салады. Бундай ушырасыўларға бир неше мәрте қатнасыў бахтына миясар болдым. Биз жасы үлкен әўлад ўәкиллериниң қолынан келетуғын ис, яғный Қарақалпақстанда алып барылып атырған кең көлемли реформалардың әҳмийетин халықтың, әсиресе жаслардың арасында үгит-нәсиятлаўға ўәде бердим. Усы мәниде Шавкат Мирзиёевтиң баянатларының топламын басып шығарыўды ҳәзирден-ақ баслаў керек. Ондағы материаллар барлық дәрежедеги басшылар ушын анық көрсетпе болып хызмет етеди, елимизди раўажландырыўдың стратегиялық бағдарларын турмысқа енгизиўде жуўапкершиликти сезетуғын ҳәр бир өзбекстанлыны жаңа шеклерге руўхландырады.

– Өзбекстанның, оның барлық ўәлаятларының, атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасының келешегин Сиз қалай көз алдыңызға келтиресиз?

– Жанажан үлкемиздиң келешеги маған жарқын реңлерде көринеди. Бул тек ғана мәмлекетимиздиң глобал көлемдеги орнына емес, ал пуқаралардың турмыс дәрежеси, абаданлығына тийисли. Қараң, Өзбекстанымыз қандай үлкен қурылыс майданына айланды. Қала ҳәм районларда арзан турақ жайлар және қолайлы инфраструктуралық объектлерди қурыў зәрүрлиги ҳаққында Шавкат Мирзиёев сайлаўалды бағдарламасында айтып өткен еди. Мине, белгиленген комплексли илажлар «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламаларында өз көринисин тапты.

Және бир жаңалық. Елимиз бойлап исбилерменлик орайлары – «сити»лер қурылмақта. Мысалы, «Nukus citi» жойбары менен таныстым. Бул жерде көп қабатлы турақ жайлар қурылады, қала халқы ҳәм мийманлар, әсиресе, жаслар ушын дүканлар менен медицина мәкемелеринен баслап ресторанлар ҳәм сейил етиўге мөлшерленген жолларға шекем, қысқасы, барлық зәрүр имаратларды өзинде жәмлеген көшелер пайда болады. Мойнақта да өзиниң «сити»и болады.

Халық ушын қолайлы шараят жаратыўда майда-шүйде нәрсениң өзи жоқ. Есимде, өткен әсирдиң 60-жылларында Парижде болған едим. Ҳәттеки хожалық жүргизиўде де, турмыслық шараятларда да биз бенен ол жердегилер арасында әдеўир айырмашылық бар екени көзге тасланды. Әпиўайы ғана кир жуўыўды алайық. Французлардың кир жуўыў порошогинен пайдаланыўы сол ўақытта тек кир сабын пайдаланатуғын биз – бурынғы аўқамнан барған ўәкиллерге таң қаларлық болып көринген. Және де кейинирек кир жуўатуғын машиналарға қызығыўшылық күшейди,  турмыслық хызмет көрсетиў «автоматласты».

Бүгинги күнде абаданластырыў бағдарламалары тап сондай, ҳәр бир майда детальға итибар берген ҳалда әмелге асырылмақта. Жумыслар сондай пәтлдер менен даўам етсе, бес-алты жылдан соң қала менен аўылдың парқы қалмайды деп, ойлайман.

Көплеген  әҳмийетли мәселелер Президенттиң парламентке Мүрәжатында өз көринисин тапты. Онда жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў бойынша исенимли усыныслар илгери сүрилген. Елимиз ушын жүдә әҳмийетли болған ўазыйпаларды шешиўге қаратылатуғын қаржыны тартыў мәселесине айрықша итибар берилгени тегин емес. Атом электр станциясының қурылысын алайық. Ол Өзбекстанның гүллеп-жаснаўы, халықтың абаданлығы ушын қаншелли үлкен әҳмийетке ийе. Сондай көп ғана ири жойбарларды жүзеге шығарыў процесинде кредитлерди өз ўақтында төлеў керек болады. Сонда қыйналып қалмаў ушын да зәрүр илажлар нәзерде тутылған, яғный аўыл хожалығы, санаат өнимлери, соның ишинде, тоқымашылық буйымларын экспорт етиў кеңейтиледи, туризм раўажландырылады.

Илгери раўажланыўды пәсеңлеткен және бир машқала шешилмекте. Ҳәр қыйлы тараўларда қәнигелер жетиспеўи ашшы ҳақыйқат болса да, оған көз жумып келетуғын едик. Жоқары билимлендириў системасы көп жыллар даўамында өзин ақламады. Бул мәселеде сырт еллилерге исениў жүдә садалық  болар еди. Себеби, сырттан келетуғын қәниге пулды мол-молақай етип  алады да кетеди. Сонлықтан өз перзентлеримизге инвестиция киргиземиз. Өзбекстанда сырт ел университетлериниң филиаллары, ўәлаятларда болса пайтахт жоқары билимлендириў мәкемелериниң бөлимлери ашылып атырғаны ҳаққындағы жаңалықларды оқып, қуўанаман. Билимлендириўге инвестиция – ең бийбаҳа капитал екени әйне ҳақыйқат.

Бүгинги студентлер бир неше жылдан соң жаңа кәрханалар шөлкемлестирип, елимизди раўажландырады. Мәселен, Қарақалпақстанның районларының биринде металлургия комбинатын қурыў режелестирилген. Көз алдыңызға келтириң, бул жердеги рудадан 21 процентке шекем металл шығады. Ҳәттеки Россия металлургиясының флагманы болған Уралда да бул көрсеткиш 16-17 процентти қурайды. Үлкемиз жер асты реңли металларына бай. Бираз тереңликте нефть те жайласқан, оны да қазып алыў мүмкин.

Жасларымыз Ўатанымыздың раўажланыўына хызмет ететуғынына, «Өзбекстан – 2035» стратегиясын жүзеге шығаратуғынына исенемен. Мәмлекетимиз басшысының идеясы бойынша, баслы бағдардағы ҳүжжет Өзбекстанның дүньядағы ең ири экономикалар қатарына кириўдей уллы мақсетке ерисиўинде ўазыйпаларды белгилеп береди. Усы мақсетке қарай умтылыў ҳәзирден-ақ басланған. Дәслепки қәдем сыпатында экспортты арттырыўды келтириў мүмкин, инвестицияларға жүдә үлкен итибар берип атырғанымыздың тийкары да соннан.

Бүгин биз «Өзбек мөжизасы»ның босағасында турмыз, деп исенимли айта аламыз. Бул – тек ғана арзыў емес, ал дәлил талап етпейтуғын шынлық, – аксиома.

Р.Алишеров, Ҳ.Аҳмедов,

xs.uz