21-26-февраль күнлери аралығында Ташкент мәмлекетлик стоматология институтында Медициналық жоқары оқыў орынларының стоматология қәнигелигинде билим алып атырған студент-жаслар арасында «Мега мастер» Республикалық илимий-әмелий таңлаў өткерилди. Оған ТашПМИ Нөкис филиалының үш студенти қатнасты. Таңлаў жуўмағында филиалдың емлеў ҳәм стоматология факультетиниң 4-курс студенти Лаўра Сапарбекова 2-орынға мүнәсип деп табылды. Сондай-ақ, усы факультеттиң 4-курс студентлери Тимур Нийетуллаев «Ең жақсы диентологиялық қатнас жасаў»,  Гүлминайым Мәўленова «Ең жақсы Фантондағы синуслифтинг» номинацияларын жеңип алыўға миясар болды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги