Бүгин – 2019-жыл 28-февраль күни Олий Мажлис Сенатының он сегизинши жалпы мәжилиси өз жумысын баслады.

Мәжилисте 23 мәселе көрип шығылады.

Көрип шығылатуғын мәселелер ишинде «Өзбекстан Республикасының Сайлаў кодексин тастыйықлаў ҳаққында», «Пуқаралардың репродуктивлик саламатлығын сақлаў ҳаққында», «Жазаны орынлаў мәкемелеринен азат етилген айырым категориядағы шахслар үстинен административлик қадағалаў ҳаққында»ғы нызамлар бар. Сондай-ақ, айырым халықаралық нызамларға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилиўине және айырым халықаралық ҳүжжетлерди ратифакациялаўға байланыслы нызамлар көрип шығылады.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили  (омбудсман)ниң 2018-жылғы жумысы ҳаққындағы есабаты, Өзбекстан Республикасы әдиллик министриниң 2018-жылы ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм билимлендириўдиң жағдайы ҳаққындағы мәлимлемеси, Қашқадәрья ўәлаяты ҳәкиминиң аймақларды раўажландырыў және халық депутатларының жергиликли Кеңеслериниң жумысы ҳаққындағы есабаты бойынша мәселелер додаланады.

Өзбекстан Республикасы Бас министрине пуқараларға сырт елге шығыў боиметрикалық паспортын рәсмийлестириўге ҳәм бериўге байланыслы нызам ҳүжжетлериниң орынланыў жағдайы және усы тараўдағы ҳуқықты қоллаў әмелияты бойынша парламентлик сораў жибериў, сондай-ақ Бас министр орынбасарларына физикалық шахслардың көшпес мүлк объектлерин мәмлекетлик дизимнен өткериў, оларды салыққа тартыўға байланыслы нызам ҳүжжетлериниң орынланыў жағдайы ҳәм усы тараўда ҳуқықты қолланыў әмелияты және улыўма билим бериў сабақлықларының мәмлекетлик стандартлар талабларына сәйкеслиги бойынша парламентлик сораўлар жиберилиўи күтилмекте.

ӨзА