Быйыл елимизде өткерилиўи режелестирилген сайлаўларда жаслардың белсене қатнасыўын тәмийинлеў мақсетинде пайтахтымыздағы «Жаслар орайы»нда депутат ҳәм жаслар ушырасыўы өткерилди.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы С.Турманов, Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты Қ.Бабашев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексиниң жойбары ҳаққында, Өзбекстан Республикасының 2018-жыл 15-октябрьдеги «Пуқаралар жыйыны баслығы(ақсақалы)н сайлаў ҳаққында»ғы, «Пуқаралар жыйыны баслығы(ақсақалы)н сайлаўды жетилистириў мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамларында белгиленген ўазыйпалар, сайлаўларда  жаслардың белсене қатнасыўының әҳмийети сыяқлы мәселелер ҳаққында мағлыўмат берди.

Ушырасыўда Президентимиз 2017-жыл 22-декабрьдеги Олий Мажлиске Мүрәжатында Өзбекстан Республикасының Сайлаў кодексин ислеп шығыў ҳәм қабыл етиў ўазыйпасын қойғаннан соң Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатлары, Орайлық сайлаў комиссиясы, Мәмлекетлик басқарыў академиясы ўәкиллери ҳәм басқа да қәнигелер, сондай-ақ, жәмийетшилик ўәкиллериниң қатнасыўында Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексиниң жойбары ислеп шығылып, Нызамшылық палатасында болып өткен мәжилисте қабыл етилгени атап өтилди.

Илажда 100 ден аслам жаслар қатнасып, олар халық депутатлары қалалық ҳәм районлық кеңеслерине депутатлыққа талабан болыўдың шәртлери бойынша қызыққан сораўларына қәнигелер тәрепинен жуўап алды.

– Бүгин «Депутат ҳәм жаслар» ушырасыўында қатнасып, сайлаўлар ҳаққындағы билимимизди арттырдық, пикиримизди билдирдик, – дейди Нөкис Мәденият ҳәм көркем өнер колледжиниң оқыўшысы П.Аяпбергенова. – Ушырасыўда бурын мәкан пуқаралар жыйынларының баслықлары еки ярым жылға сайланған болса, енди «Пуқаралар жыйыны баслығы(ақсақалы)н сайлаўды жетилистириў мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамына бола, олар үш жыл мүддетке сайланатуғынлығы ҳаққындағы мағлыўматқа ийе болдым.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.