ӨзА рәсмий сайтында Өзбекстан Республикасы Орайлық банки пул айланысы департаментиниң директоры Фазлиддин Бозоровтың мағлыўматына сүйенип төмендегише мағлыўматлар көрсетилген.
«… Соңғы жылларда миллий валюта өзиниң қор сыпатындағы функциясын жойытты, сол ушын 100 000 сум бул функцияны қайта тиклеўге жәрдем береди, себеби, бундай купюраларды сақлаў бираз қолайлы есапланады.
Ири купюралардың инфляцияны арттырыўға хызмет етеди, деген қәўетерлер өзин ақламайды, себеби айланыстағы улыўма пул массасы өзгермейди. Пул массасының тек ғана дүзилиси өзгереди. 100, 200 ҳәм 500 сумлық майда пуллар әсте-ақырын айланыстан шығарылады ҳәм теңге менен алмастырылады.
Еки топардағы, яғный монетар ҳәм монетар емес факторлар инфляция процесине тәсир етеди. Ҳәзирги күнде экономиканы либералластырыў, қаржы, бюджет-салық тараўларындағы реформалар алып барылыўы мүнәсибети менен инфляция процесслери жүз бериўи тәбийғый жағдай. Бирақ, булардың бәри монетар емес факторлар болып табылады.
Солай етип, жаңа купюраның айланысқа шығыўы менен инфляция дәрежеси аспайды»
Қарақалпақстан хабар агентлиги