Пайтахтымыздағы «Hyatt Regency Tashkent» мийманханасында 21-февраль күни Орайлық ҳәм Қубла Азия мәмлекетлери бас штаблары баслықларының конференциясы өткерилди.
Дәслеп конференция қатнасыўшылары Еслеў майданында болып, әскерий оркестр музыкасы астында Ҳәсиретли ана естелигине гүл қойды. Екинши жер жүзилик урыста жанын пидә еткен жерлеслеримиз естелигине ҳүрмет көрсетти.
Соңынан кейин конференция өз жумысын баслады. Онда Өзбекстан, Қазақстан, Пакистан, Түркменстан, Тәжикстан ҳәм Аўғанстан Қураллы Күшлери Бас штаблары баслықлары, Қырғызстан Республикасы Қураллы Күшлери Бас штабы баслығының биринши орынбасары, АҚШ Қураллы Күшлери Орайлық сәркардалығы сәркардасы қатнасты.
Илажда Өзбекстан Республикасы қорғаныў министри, генерал-майор Баҳодир Қурбонов қатнасты ҳәм қатнасыўшыларды қутлықлады.
Сөйлесиў ўақтында қәўипсизликти тәмийинлеў тараўындағы бирге ислесиў мәселелери додаланды.
Ушырасыўда дүньяның түрли регионларында қәўиплердиң күшейип баратырғаны, турақлылықты тәмийнлеў мәселеси глобаллық характерге ийе екенлиги атап өтилди. Өзбекстанда өткерилип атырған бул конференция ҳәр тәреплеме әскерий бирге ислесиў мәселелерин додалаў ушын жоқары әҳмийетке ийе екени атап өтилди.
Илажда Орайлық Азия регионында тынышлықты беккемлеў, исеним руўхындағы бирге ислесиўди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, жақсы қоңсышылық принциплерине тийкарланған жумысты даўам еттириў, Аўғанстанда тынышсыз жағдайға унамлы шешим табыў мәселелери көрип шығылды.
Конференцияда Орайлық Азиядағы жағдай, халықаралық терроризмге қарсы гүресиў жолындағы тийкарғы ўазыйпалар бойынша пикир алысылды.
– Өзбекстан Орайлық ҳәм Қубла Азияда қәўипсизлик, турақлылықты тәмийинлеўде әҳмийетли орын тутады, – деди АҚШ Қураллы Күшлери Орайлық сәркардалығы сәркардасы, генерал Жозеф Вотел. – Америка Қурама Штатлары болса усы региондағы мәмлекетлердиң суверенитетин беккемлеў, турақлылықты тәмийинлеўге мүнәсип үлес қосыў, конструктивлик бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм алға қойыў тәрепдары болып қалады.
Сондай-ақ, конференцияда Аўғанстанда экономиканы тиклеў, транспорт инфраструктурасын раўажландырыў, мәмлекетте қәнигели кадрлар таярлаў системасын жетилистириў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Абдулазиз МУСАЕВ,
ӨзАның хабаршысы