Қураллы Күшлер Орайлық қосық ҳәм аяқ-ойын ансамбли Арал теңизин қутқарыў мақсетинде мийнет етип атырған мийнеткешлер ушын Мойнақ районында концерт бағдарламасын шөлкемлестирди. Бул ҳаққында Daryo.uz хабар берди.
Бул концерт Арқа-батыс әскерий округи үгит-нәсият топары басламасы менен Мойнақ районы орайынан 115 километр узақлықта жайласқан аймақта жумысшылардың дем алысларын кеўилли өткериў ҳәм дем алыўын тәмийинлеў мақсетинде өткерилди.
Соны айрықша атап өтиў керек, Өзбекстан Республикасы Президентиниң басламасы менен қабыл етилген. 2017-2021-жылларда Арал бойы регионын раўажландырыў бойынша Мәмлекетлик бағдарламасы шеңберинде Арал бойынша социаллық-экономикалық жағдайды, халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў, экологиялық апатшылықтың ақыбетлерин жумсартыў бойынша инвестициялық жойбарлар әмелге асырылмақта.
Сондай-ақ, усындай концерт бағдарламалары әскерий көркем өнер шеберлери тәрепинен Қоңырат районында жайласқан мектеплерде де шөлкемлестирилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги