Россия Президентиниң баспасөз хаткери Дмитрий Песков түрк басылымы «Hurriyet»қа интервьюинде Башар Асад Сирияның нызамлы Президенти екенин айтып, Сирия менен бирге ислесиўди сақлап қалыў тилегиндеги мәмлекетлер Асад пенен бирге ислесиўге туўра келетуғынын атап өтти.

«Ол сизге жаға ма жоқ па, сол мәмлекеттиң жетекшиси. Оның халқы. қураллы күшлери ҳәм өз разведкасы бар. Биз Батыс мәмлекетлери жол қойып атырған қәтелерди ислемеўимиз керек», деп атап өтти Песков.

ӨзА