Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигинде АҚШтың Вебстер Университетиниң вице-президенти Ж.Шустер басшылығындағы делегация ағзалары менен ушырасыў болып өтти.

Сөйлесиўде Ташкент қаласында АҚШтың Вебстер университетиниң филиалын ашыў ҳәм 2019/2020  оқыў жылынан абитуриентлерди қабыл етиўди жолға қойыў мәселелери додаланды.

Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги усы университетке байланыслы бирге ислесиўди 2017-жыл 16-сентябрьде баслаған. 2018-жылы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң басламасы менен Өзбекстан мәмлекетлик жәҳән тиллери университетинде АҚШтың Орайлық Азиядағы дәслепки магистрлик билимлендириў жойбары жолға қойылған.

2018-жылы июль айында Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен қол қойылған келисимге тийкарланып усы жылдан Вебстер университети Өзбекстанда толық түрде жумыс баслайды. 2019-жылдың март айында болса Ташкент мәмлекетлик экономика ҳәм Ташкент мәлимлеме технологиялары университетилеринде Жойбарлаў басқармасы қәнигелиги бойынша кадрлар таярлаў жолға қойылады.

 

Н.УСМОНОВА,

ӨзАның хабаршысы